Siyosat Мүрәжатлар шешилиўи менен қунлы

Мүрәжатлар шешилиўи менен қунлы

0
Мүрәжатлар шешилиўи менен қунлы

 

Халқымыздың машқалаларын жеңиллетиў мақсетинде секторлар тәрепинен көшпели қабыллаўлар өткерилип атыр. Бүгин төрт сектор кесиминде ҳәр бир аймақ турғынларының машқалалары тыңланды. Солардың бири Айдын жол мәкан пуқаралар жыйыны халқы ушын өткерилген 2-сектордың жумыслары болып табылады. Көшпели қабыллаў барысында пуқаралардың жигирмаға шамалас мүрәжаты тыңланды. Мүрәжатлар тийкарынан тәлим кредитлерин ажыратыў, жумыс пенен тәмийинлеў, алимент төлемлерин өндириў, пуқаралық алыў, таза ишимлик суўы ҳәм үй алды қыйтақ жерлерин ағын суў менен тәмийинлеўде жәрдем сораўдан ибарат болды. Үйрениў барысында 16 пуқараның талабы қанаатландырылып, 4 пуқара ҳуқықый мағлыўматлар алды.
Тийисли тараў жуўапкерлерине мүрәжатлардың ўақтында шешилиўи бойынша тапсырмалар берилди. 
Секторларда көшпели қабыллаўлар даўам етип атыр.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети