Жаңа кәрхана жумыс баслады
5388
83
Райондағы "Өзбекстан" мәкән пуқаралар жыйыны аймағында "AYDOSQALA G'ISHT" жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен баҳасы 1 млрд 400 млн сўмлық гербиш ислеп шығарыўды шөлкемлестириў жойбары әмелге асырылды.
Жойбарды әмелге асырыўда исбилермен Ғ.Айтымбетов
АК Халықбанк Тахтакөпир филиалы тәрепинен 700 млн сўм муғдарында кредит алыўы менен бирге өз есабынан 500 млн сўмлық қәрежет ажыратыўы арқалы Қытайдан әсбап-үскенелер алып келинди.
Бүгинги күнде жойбардың қурылыс жумыслары тамамланып, өним шығарыў ислери басланды. Иске түскен жойбар нәтийжесинде жаңадан 10 жумыс орынлары жаратылып атыр.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети