Көшпели қабыллаў өткерилди
Жынаят ислери бойынша Тахтакөпир районлық судының баслығы О.Мауленов тәрепинен 2026-жыл 8-сентябрь күни Қарақалпақстан Республикасы судының 2026-жыл 2-ярым жыллығы ушын дүзилген, яғный, район орайынан узақ аймақларда жайласқан мәҳәллелерде көшпели қабыллаўлар өткериў режесине муўапық, райондағы Дәўқара ҳәм Қоңыраткөл аўыл пуқаралар жыйынларында жасаўшы пуқаралар менен көшпели қабыллаў өткерилди.

Көшпели қабыллаўда аймақ турғынларының суд ҳуқық тараўы менен байланыслы машқалалары тыңланды. Мүрәжатлар тийкарынан суд тәрепинен қолланылған жазалардан мүддетинен алдын шәртли азат етиў ҳәм белгиленген ҳуқықтан айырыў жазасының мүддетлерин тиклеў ҳәм шағым келтириў мүддетлери, ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартыў ҳуқықына ийе болған уйымлар қарарлары үстинен шағым келтириў, сондай-ақ, некеден ажырасыў, алимент напақаларын өндириў тәртиби менен байланыслы болды.
Суд баслығы тәрепинен мүрәжатларға тийисли тәртипте ҳукықый түсиниклер берилди.
О.Мауленов
Тахтакөпир районлық судының баслығы