КИТАП-РУЎХЫЙЛЫҚ АЙНАСЫ
16-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде жасларды китапқумарлыққа бағдарлаў ҳәм үгит нәсиятлаў жумысларын алып барыў мақсетинде мектеп китапханасы тәрепинен «Китапқумарлық ҳәптелиги» шеңберинде 4-5-6-7-класс оқыўшылары арасында «Китап-алтын ғәзийне» атамасында жарыс өткерилди.
Жарыста оқыўшыларға өзлери оқыған китапларынан сораўлар берилип, бир-бири менен пикир алмасты.
Ҳәптеликти өткериўден мақсет-оқыўшыларды әдебий китапларды оқыўға тартыў болып есапланады.
Жарыс жуўмағында 5-класс окыўшысы У.Жамалова 1-орынды, 7-класс окыўшысы С.Шарапова 2-орынды ийеледи.
Жарыс даўамында оқыўшылар өзлери оқыған әдебий китаплары ҳаққында айтып берди, шайырлардың қосықларынан, шығармаларынан үзиндилер, әдебий китаплардан көргизбелер шөлкемлестирди. Нақыл-мақаллар, жумбақлар айтысып, бир-бирине сораўлар берди.
Ҳәптеликке оқыўшылар белсене қатнасты ҳәм жеңимпазлар «Ҳүрмет жарлық»лары менен сыйлықланды.
Индира ТИЛЕЎИМБЕТОВА
16-санлы мектептиң китапханашысы