Ma'daniyat «Байсун бәҳәри»нде

«Байсун бәҳәри»нде

0
 «Байсун бәҳәри»нде

Жәмәәтимиздиң бул сапары болып өтетуғын фестивальдан үмити үлкен еди. Усы мақсет пенен районымыздағы мәденият бөлимине қараслы 26-санлы мәденият орайы жанындағы «Мийрас» фольклор-этнографиялық халық жәмәәти   кең алап- лы, көк майсалы жери көзди қуўандыратуғын Сурхандәрья елатына жол алдық. 
Мақсетимиз 1-7-май күнлери Сурхандәрья ўәлаятында болып өтетуғын «Байсун бәҳәри» атамасындағы Халықаралық фольклор фестивалына қатнасыў.
Фестивальға келген ҳәр бир жәмәәт өзлериниң миллийлигин сәўлелендириўши сахналық көринислери менен қатнасты. Фестивальда бизиң «Мийрас» фольк- лор-этнографиялық халық жәмәәтимиз «Қарақалпақ миллий балалар ойынлары» ҳәм «Тусаў кесиў тойы» атлы композицияларды алып шықты. Композициямызда қарақалпақ халқының миллий қара үйиниң қурылыўы ҳәм безелиўи, бақсы-жыраў, қыссахан, сазендешилик усаған миллий көркем өнер дүрданалары менен бир қатарда миллий үрп-әдет ҳәм дәстүрлери, йошлы қосық ҳәм ойынларымыз орын алған. 
Фестивальдың ашылыў салтанатына бағышланып өткерилген концерт бағдарламасында «Мийрас» фольклор-этнографиялық халық жәмәәти өзлериниң миллий қосық ҳәм намаларын, аяқ ойынларын илаж қатнасыўшыларына инәм етти. Бир күн даўамында жәмәәтимиз Қарақалпақстан Республикасына ажыратылған майданшада фестивальды тамашалаўға келген бәрше мийманларға өзлериниң йошлы концерт бағдарламасын қойып бердик. Фольклор фестивалы көтериңки кейпиятта даўам етти. Басқа ўәлаятлардан келген қатнасыўшылардың атқарыў шеберлигин тамашаладық. Бизлер ушын бул фестиваль дослық фестивалына айланды. 
Таңлаў жуўмағында жәмәәтимиз  сыйлы 2-орынды ийелеп, арнаўлы диплом,     2500 доллар пул сыйлығы ҳәм естелик саўғалар, фестиваль статуэткасы менен сыйлықланды. Әлбетте буның бәри жәмәәтимиз ағзаларының аўызбиршилик пенен шөлкемлестирген мийнетиниң нәтийжеси еди.

Индира ДОЩАНОВА
Мийрас» фольклор-этнографиялық халық   жәмәәтиниң музыка басшысы