Ma'daniyat УШЫРАСЫЎ ӨТКЕРИЛДИ

УШЫРАСЫЎ ӨТКЕРИЛДИ

15
УШЫРАСЫЎ ӨТКЕРИЛДИ

Районлық Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими тәрепинен  «Ҳаял-қызларды ардақлаў» ҳәптелиги мүнәсибети менен «Ана- шаңарағымыз тымсалы, меҳир булағы» атамасында ушырасыў кешеси болып өтти. 
Ушырасыўға районымызда  пидайы мийнет еткен нураный аналарымыз ҳәм қыз-келиншеклер катнасты.
Кешени районлық шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Г.Сейтназарова ашып берди. Ушырасыў даўамында аналарымыз өзлериниң өмир жолларынан сөз етти, келиншеклер болса өзлери таярлап келген миллий қосықларды атқарып шықты. Кешемиз мазмунлы өтти.


Гүлбәҳәр Темирбекова