Ma'daniyat «Китапханлық ҳəптелиги» таңлаўының ашылыў мəресими

«Китапханлық ҳəптелиги» таңлаўының ашылыў мəресими

0
«Китапханлық ҳəптелиги»  таңлаўының ашылыў мəресими

Жаслар арасында китапханлық мәдениятын асырыў, уллы улама, шайыр ҳәм жазыўшылардың бай руўхый мийрасын, дүньялық илим-пән раўажланыўына улкен үлес қосқан уллы бабаларымыздың баҳалы шығармалары менен жақыннан танысыў, жасларымызды миллий ҳәм улыўма инсаныйлық руўхында тәрбиялаў мақсетинде районлық Мəлимлеме китапхана орайында «Китапханлық ҳəптелиги»  таңлаўының ашылыў мəресими болып өтти. Ашылыў мəресимине район ҳəкиминиң орынбасары Ш. Бектурғанов қатнасып, катнасыўшыларды ашылыў мəресими менен қызғын қутлықлады.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети