Ma'daniyat Районда Наўрыз байрамы болып өтти.

Районда Наўрыз байрамы болып өтти.

0
Районда Наўрыз байрамы болып өтти.

Жаңаланыў ҳəм жасарыў байрамы болған Наўрыз улыўмахалықлық байрамы ең қадирли миллий байрамларымыздан бири болып, мийрим-шəпəəт, қайыр-сақаўат, дөретиўшилик, кеңпейиллик, дослық ҳəм аўызбиршилик сыяқлы уллы пазыйлетлерди өзинде жəмлеген байрам сыпатында ҳəр жылы елимизде жоқары көтериңки руўхта белгиленип келинбекте. Бүгин усы Наўрыз улыўмахалықлық байрамы мүнəсибети менен районымыздағы “Дəўқара” стадионында байрам тамашалары өткерилди. Байрам илажына район ҳəкими Ж.Адилов қатнасып район халқын улыстың уллы күни Наўрыз байрамы менен қутлықлады. Буннан соң ҳаял-қызларымыз тəрепинен таярланған миллий тағамлар, миллий үрип-əдет дəстүрлеримизди өзинде сəўлелендириўши көргизбелер ҳəм миллий спорт ойынлары шөлкемлестирилди. Байрам районлық Мəденият бөлими тəрепинен таярланған концерт бағдарламалары менен даўам етти.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети.