Ma'daniyat АНАЛАР БАЙРАМЫ КИШКЕНЕЛЕР НӘЗЕРИНДЕ

АНАЛАР БАЙРАМЫ КИШКЕНЕЛЕР НӘЗЕРИНДЕ

0
АНАЛАР БАЙРАМЫ КИШКЕНЕЛЕР НӘЗЕРИНДЕ

Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде балалардың еркин сөйлеўге, өзлерин еркин тутыўға, мийнет етиўге, гөззаллыққа умтылдырыўда өткерилетуғын таңлаўлардың әҳмийети үлкен. Усы мақсетте ҳаял-қызлар байрамы мүнәсибети менен мектепке таярлаў топары қызлары арасында «Бәҳәр гөззалы» көрик таңлаўы өткерилди. Таңлаў төрт шәрттен ибарат болып, қызлар өзин таныстырыў, ана ҳаққында тақмақ айтыў, реңли қағаздан гүллер cоғыў, спорт жарысы ҳәм пазенделик өнерин көрсетти.
Таңлаў жуўмағында ең жоқары балл менен Айдана Бегмуратова «Бәҳәр маликасы» номинациясын жеңип алды. Таңлаў қатнасыўшыларына шөлкем тәрепинен таярланған байрам саўғалары тапсырылды.

Альбина ЕСЕКЕЕВА
1-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми тәрбияшысы