Ma'daniyat Ушырасыў өткерилди

Ушырасыў өткерилди

0
Ушырасыў өткерилди

8-март Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнəсибети менен 3-санлы шет тилине қәнигелестирилген улыўма орта билим бериў мектебинде Өзбекстанға мийнети сиңген журналист, шайыр, Алтынгүл Өтениязованың қатнасыўында ушырасыў өткерилди. 
Ушырасыўда А.Өтениязова өзиниң өмир жолы ҳəм дөретиўшилиги бойынша оқыўшы жасларға түсиниклер берди ҳəм дөретиўшиликке қызығыўшы оқыўшы жаслар менен пикир алмасты.  Ушырасыў жуўмағында журналист ҳəм шайыр А.Өтениязова өзиниң соңғы қосықларынан илаж қатнасыўшыларына оқып берди ҳəм мектеп жəмəəтине миннетдаршылығын билдирди.

 

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети