Ma'daniyat Жаслар фестивалы жоқары дәрежедеги шөлкемлескенлик жағдайында өткерилди

Жаслар фестивалы жоқары дәрежедеги шөлкемлескенлик жағдайында өткерилди

0
Жаслар фестивалы жоқары дәрежедеги шөлкемлескенлик жағдайында өткерилди

Бүгин Тахтакөпир районындағы Балалар өспиримлер спорт мектебине қараслы "Дәўқара" футбол стадионында "Жаңа Өзбекстан жаслары бирлесейик!" сүрени астында жаслар фестивалы жоқары дәрежедеги шөлкемлескенлик жағдайында өткерилди. Фестивальдың салтанатлы мәресиминде сөзге шыққанлар пүткил район халқын бүгинги шөлкемлестирилген жаслар байрамы менен қутлықлады ҳәм усы фестиваль шеңберинде 5-6-7-февраль күнлери район аймағындағы барлық пуқаралар жыйынларында өткерилген спорт жарыслары, китапқумарлық ҳәм де дөретиўшиликке кызығыўшы қәбилетли жаслар арасындағы түрли атамадағы таңлаўлардың жеңимпаз жаслары район ҳәкимлиги тәрепинен таярланған диплом ҳәм саўғалар менен сыйлықланды. Фестиваль елимизге белгили қарақалпақ эстрада қосықшыларының ҳәм районлық Мәденият бөлими көркем-өнер ҳәўескерлериниң атқарыўындағы Гала концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети