Ma'daniyat Халықаралық таңлаўда биринши

Халықаралық таңлаўда биринши

0
Халықаралық таңлаўда биринши


Алдын хабар бергенимиздей 2022-жыл 2-февраль күни  Украина Республикасында халықаралық "SOUL" онлайн таңлаўында районлық Мəденият бөлими қосық ҳəм миллий ойын ҳəўескер жəмəəти 1-орынды ийелеген еди. Усындай жетискенликлер райондағы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери тəрбияланыўшылары тəрепинен де қолға киргизилди. Онлайн тəризинде өткерилген халықаралық таңлаўға районымыздағы 1-4 ҳəм 10-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми тəрбияланыўшылары да миллийлигимизди сəўлелендириўши ойынлары менен қатнасты ҳəм өз теңлеслери арасында теңсиз екенликлерин көрсетип, таңлаў жуўмағы бойынша ең жоқарғы көрсеткишлерге ерисип 1-орында ийеледи.


Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети