Siyosat Сессия болып өтти

Сессия болып өтти

0
 Сессия болып өтти

Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң отыз тоғызыншы сессиясы болып өтти

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң отыз тоғызыншы сессиясы болып өтти. Сессияға районлық Кеңестиң депутатлары, сектор баслықлары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәкеме, шөлкем басшылары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Сессия жумысын Кеңес баслығы Ж.Адилов басқарып барды. Сессия күн тәртибинде тийисли тараў басшыларының мәлимлемелери тыңланып шешим қабыл етилди. Сессия жуўмағында районды социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған реформаларды әмелге асырыўдағы мийнетлери ушын бир қатар Жоқарғы Кеңес ҳәм районлық Кеңес депутатлары хошаметленди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети