Ma'daniyat Балаларға бериң дүньяны!

Балаларға бериң дүньяны!

0
Балаларға бериң дүньяны!

Олар бизиң келешегимиз, деп мақтаныш етемиз. Солай екен, келешек урпақларымыздың ертеңи ушын бүгиннен жақсы басламалар көтериўимиз, әсиресе кем кеўил, майыплығы болған балалардың ертеңги күнге деген исенимине еристире алыўымыз керек. Бул пүткил жәмәәттиң ўазыйпасы.

Жеке исбилермен Бишегүл Игиликованың басламасы менен балалар мийманға шақырылды. Район ҳәкиминиң биринши орынбасары Д.Жаңабаев байрам менен қутлықлады. Балалар ушын байрам дәстурханы шөлкемлестирилди ҳәм арнаўлы саўғалар сыйлық етилди. Илажға "Халық" жәмәәтлик мешитиниң имам кәтиби Б.Надиров қатнасты.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети