Siyosat Күн тәртибинде үш мәселе қаралды

Күн тәртибинде үш мәселе қаралды

0
Күн тәртибинде үш мәселе қаралды

Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң  отыз биринши сессиясы болып өтти.

Сессия жумысына районлық Кеңестиң депутатлары, сектор баслықлары,  район ҳәкиминиң орынбасарлары, тийисли тараў басшылары қатнасты.
Сессияның күн тәртибинде: Тахтакөпир районы жергиликли бюджетиниң 2021-жылдың   ӀӀ шерегине белгиленген дәраматлар режесиниң артық орынланған бөлеги ҳәм оның жумсалыў жөнелислери ҳаққында, екинши мәселеде районлық мәмлекетлик салық инспекциясы тәрепинен 2021-жылдың 6 айы даўамында жергиликли бюджет дәраматларының орынланыў жағдайы, қосымша резервлерди анықлаў бойынша исленген жумыслар, салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлер кесиминде бюджетке есапланған ҳәм әмелде өндирилген, сондай-ақ, салық қарыздарлығы бойынша алып барылып атырған жумыслары бойынша,  үшинши мәселеде болса район аймағында “Ҳаяллар дәптери”ниң   2-басқышын қәлиплестириў ҳәм муўапықластырыў бойынша жумыслардың әмелге асырылыўы қарап шығылды.

Алып барылған жумыслар  бойынша баянатшылардың мәлимлемеси тыңланды ҳәм тастыйықлаў ушын депутатларға усынылды.

Көрип шығылған мәселелер бойынша пикир-усыныслар билдирилип, тийисли қарарлар қабыл етилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети