Ma'daniyat Тәрбияшылар таңлаўда

Тәрбияшылар таңлаўда

0
Тәрбияшылар таңлаўда

Районлық МШББ шөлкем тәрбияшылары арасында  «Жылдың ең жақсы тәрбияшысы» кәсиплик таңлаўының районлық басқышы  болып өтти.Таңлаӯ 3 басқышта болып, онда: қатнасыўшының педагогикалық жумыслары бойынша "Интернет- портфолио"сы, қатнасыўшының мектепке шекемги билимлендириӯ шөлкеминде педагогикалық жумысларын, социаллық турмысындағы қатнасын, жеке жетискенликлерин ҳәм шынығыўларын сәўлелендириўши видеоролик, қатнасыўшының оқыў- методикалық, илимий, руӯхый-ағартыӯшылық жумысларын сәӯлелендириӯши дөретиўшилик жумыслары ҳәм хошаметлеў белгилерин баҳалаў. 
Таңлаӯ жуӯмағында 10-санлы мектепке шекемги билимлендириӯ шөлкеми тәрбияшысы Жулдыз Хожанова   1-орын,  4-санлы мектепке шекемги билимлендириӯ шөлкеми тәрбияшысы Бахытгүл Серекеева 2-орын ҳәм 6-санлы мектепке шекемги билимлендириӯ шөлкеми тәрбияшысы Гүлназ Раметуллаева 3-орын жеңимпазы болып, жеңимпазлар келеси таңлаўға жоллама алды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети