Fan va ta'lim Питкериўшилер хошаметленди

Питкериўшилер хошаметленди

0
Питкериўшилер хошаметленди

Оқыў жылы тамамланды. Жүзден жүйриклер, мыңнан тулпарлар ажыралып шығатуғын мәўритлер жақынласып келмекте. Пәнлеринен айрықша баҳаларға үлгерип жүрген питкериўшилер, пәнлер олимпиадасы басқышларында алдыңғы орынларды ийелеп келген жеңимпазлар көп емес. Тахтакөпир районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы 23 улыўма орта билим бериў мектеплеринде 2020-2021- оқыў жылында 461 оқыўшы  11-классты тамамлады. Солардан 8 питкериўши алтын медаль менен жуўмақлаўға еристи. Район ҳәкими Жамбул Адилов алтын медаль ийелерин табыслары менен қутлықлап, олардың ендиги үлкен өмириндеги нәтийжелерине табыслар тиледи.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети