Ma'daniyat Дийдар

Дийдар

0
Дийдар

"Устаз - атаңдай уллы", деп устаздың ҳүрметин өз орнына қойып тәрбияланған халықпыз. "Бир ҳәрип үйреткен устазға қырық күн сәлем берсең де аз", деп өзлигинен қанаатлана қоймайтуғын шәкиртлер де көп. Мектеплерде соңғы қоңыраўлар даўысы ҳәр бир инсанды елең еттирип, устазларын еслеўге және бир мүмкиншилик туўдырды. Айырымлар классласларын топлап устазлар алдына саўға-сәлемлери менен жол алды.
3-санлы орта мектептиң буннан 17 жыл бурын питкериўшилери де усылайынша баслаўыш класстағы устазы Раўшан Тилеўова менен класс басшысы Орынгүл Изимбетовалардың шаңарағына излеп барды. Алыста жүрген, келиў мүмкиншилиги болмаған досларының да сәлемлерин жеткерди. Балалыққа бир пайыт қайтып, устазлары менен қызықлы, ҳәзирги жас пенен еслесе күлкили мәўритлерди еслеп, кеўиллери бираз жазылды. Устазлар шәкиртлеринен бир өмир миннетдар екенин билдирип, хошласты.
Балалыққа қайтыў - қандай жақсы...

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети