Siyosat Аймақларда ушырасыў өткерди

Аймақларда ушырасыў өткерди

0
Аймақларда ушырасыў өткерди

Шымбай районлар аралық экономикалық судының баслығы З.Бердимуратов ҳәм де судья Н.Балтабаевалар тәрепинен Тахтакөпир районында жайласқан "Қараой", А. Адилов атындағы аўыл пуқаралар жыйынлары менен "Дәўир" мәкан пуқаралар жыйынында аймақта ҳуқықбузарлықтың алдын алыў, жынаятшылыққа қарсы гүресиў, сондай-ақ, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлери ҳаққындағы Нызамы, корпоратив даўлар, өним жеткерип бериў шәртнамалары ҳаққында кеңнен түсиндириўлер алып барылды. Буннан басқа, ушырасыўда қатнасқан пуқаралардың түсинбей жүрген сораўларына тийисли тәртипте жуўап ҳәм ҳуқықый түсиниклер берилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети