КѲПЛЕРДИҢ "КИНДИК ШЕШЕ"СИ
Жаратылыста бул дүньяға келиў бар, мәўрити жетсе кетиў бар. Биреў ерте, биреў кеш дегендей. Бундайда жүрими келте болды, узақ өмир жас берипти, деп еслеймиз. Бирақ жүз жыл жасап, әтирапындағылар ушын елеспесиз, жасы үлкен болғаны ушын да сыйланатуғынлар бар. 70-80 жас, ямаса 30-40 жылдың ишинде халықтың ядынан шықпастай мийнет етип, болмаса жақсылықлары менен-ақ адамлардың ядында сақланып қалатуғын пидайы инсанлар бар. Усындайда шайырдың:
Мүмкин емес адам мәңги жасамақ,
Мүмкин емес, муҳаббатты тусамақ.
Мүмкин бирақ, мүмкин бирақ, досларым,
Ат қалдырыў жигирма жыл жасап-ақ!..-
деген қосық қатарлары ядқа түседи.
Жақсылар ҳәмийше ядымыздан шықпайды. Әсиресе ҳәрдайымғыдай «Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» алдынан өз ата-бабаларымызды, ата-аналарымызды, туўысқанларымызды, жүрегимизге жақын көз қыймас инсанларды жойтамыз, олардың биз билген пазыйлетлерин сағына отырып еслеймиз.
Районымыздың ҳәр бир тараўында пидайы инсанлар болды. Олардың айырымлары ўақты жетип, бул пәний дүньяны тәрк еткен. Солардың бири районлық медицина бирлеспесине қараслы туўыў үйиниң акушер-гинеколог шыпакери, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген денсаўлықты сақлаў хызметкери Бийбимарьям Мусаева еди.
Бийбимарьям апаның өзи менен сәўбетте болған күнлерим арқалы оның балалығынан айтқым келип тур...
10-февраль, 1948-жыл.
Тахтакөпирдиң Тельман колхозының Тельман бөлиминде жасаўшы Муўса баслықтың шаңарағында қыз бала дүнья- ға келди. Жақсы нийетлер менен қызалаққа Бийбимарьям деп исм қойылды. Марям-Алла қәдирлеген, сүйген қыз яки намыслы, пәк қыз. Иса пайғамбардың анасының исми. Қызалақты үй иши Марям деп емес, еркелетип Марияш деп атады. Сол еркелеткен ат пенен ол халыққа азан айтып қойылған аты Бийбимарьям болып емес, Марияш болып танылды.
Әкеси колхоз баслығы, анасы әпиўайы пиллекеш болған бул шаңарақта изли- изинен тоғыз қыз, бир ул бала дүньяға келди. Марияштың ер минезлиги оны даланың жумысларына бейим етип қойды. Отын шабыў, жүўери орыў, ешек пенен айдаў, оны атыў буның жумыслары еди, себеби әкеси дүздиң адамы, басқа ер бала жоқ. Өзинен кейинги сиңлиси Улзада үйдиң ишки жумысларын атқарады. Шаңарақтан бос ўақытлары көп пенен бирге атыз жумысларына шығады, ғаўашаны отаў, бирлеў, гүзде пахта терими басланады. Төрт жыллық аўыл мектебинен соң қалаға қатнап, 11 жыллық Ленин мектебин питкериў менен жуўмақлады.
Мектеп питкерген аўыл қызының әрманлары көп еди. Бәринен бурын ақ халат кийген шыпакерлерге ҳәўес етиўи, оның келешекке болған талпынысын және де ҳәўиж алдырды. Муғаллимшиликте оқы, дейди әкеси, шыпакерлик аңсат оқыў да, аңсат кәсип те емес. Әкесин де түсиниўге болады, қыз баланың жолы жиңишке, ертең хожалық болары бар, жети жыл оқып қыйналып қалмаўын ойлап тур. Қызы болса әкесиниң қантлы диабеттен азап шегип жүргенин, мойнындағы жарасы не ушын жазылмайтуғынын уўайымлайды. Шыпакер болсам көплеген аўырыўларға жәрдемим тийер еди, әкемдей болып қанша қыйналып жүргенлер бар, деген қыяллар ойыннан кетер емес. Ең тийкарғысы Марияш қыз өзине исенеди. Айланып келгенде узақ ойласықтан соң перзентиниң айтқаны болып, 1966-жылы Ташкент Медицина институтының емлеў иси факультетине ҳүжжет тапсырды.
Биринши химия пәнинен имтихан басланды. Орысшаны жақсы билмейтуғын қызға орыс ҳаял имтихан алыўшы болды. Көп саўаллардан соң органикалық химиядан көп реакцияларды жазып, теңлемесин теңлестириўди сорады. Алты бетлик реакцияларын шығарып бергеннен соң жанындағы Азимова деген имтихан алыўшыға сиз де саўаллар бериң, дейди. Олар екеўлеп сабылланыў реакциясы, фенолланыў реакциясы ҳәм органикалық химиядан көп сораўларға жуўап алып, оқытқан муғаллимин сорап, рухсат береди. Имтихан алыўшылардың жүзинде аўыл қызының билимине болған
қанаатланыўшылық «бес баҳа»сын алыўына себеп болды. Қалған имтиханларды да кеўилдегидей тапсырып, студентлик бахтына ерисип, қустай ушып, жаңалығын бөлисиўге асығып аўылға қайтады. Аўылында химиядан оқытқан устазы Жалдыбай Хидуанов буннан да қуўанышлы болып күтип отыр екен. Кейин билсе, Медицина институты администрациясынан устаздың атына оқыўшысына жоқары дәрежеде билим бергени ушын «Алғыс хат»ы шәкиртинен бурын жетип келипти...
Қыйыншылығы менен қызығы қосылып жүретуғын студентлик дәўирди жақсы баҳалар менен жуўмақлап, туўылған жерге қайтқанда ол жас шыпакер хирург Канияз Айтековтың өмирлик жолдасы ҳәм Батыр атлы кишкене улдың анасы да еди. Әкеси уўайымлағанындай хожалық пенен кәсиптиң ғалма-ғалы енди басланды.
Бас шыпакер Турдымурат Өтемуратов райондағы емлеўхананың туўыў үйине өз қәнигелиги бойынша акушер-гинеколог етип жумысқа қабыллады. Туўыў үйи бөлими бас шыпакери Алмагүл Усақова менен биргеликте жаңа жумыс баслаған пайытларында өмирлик жолдасын жоллама менен Қазақстанның Қарағанды (ҳәзирги Жезқазған) ўәлаятында жайласқан Приозерский қаласына әскерий госпитальға жумысқа жибереди ҳәм қос арыс бирге атланады. Өзге жер, өзге журт, өзге халық, бәри орысласып кеткен.
Аўылға қайтқаннан соңғы өмири дерлик сол туўыў үйинде өткен қаҳарманымыз жигирма жылдан аслам ўақыт туўыў үйин басқарды, жумыс пенен қоса емлеўхана партия комитети хаткери, он еки жыл ҳаял-қызлар кеңесин басқарды. Он еки мәртебе Халық депутатлары районлық Кеңестиң депутаты болып, жуўапкершиликли ўазыйпаларды да қоса алып жүрди.
Оннан қалса шаңарақтағы Батыр, Азат, Абат, Гүланда атлы төрт перзентке аналық етиў ўазыйпасы, өмирлик жолдастың күтими-булардың бәри бир ҳаял ушын аз жумыс емес. Инсан алға мақсет қойып талпынса, күш-жигери тасып жуўыра береди, жуўыра береди. Бирақ ўақыт өтип, артыңа айланып, өзиңе есап берген ўақытта сол өтмишиңнен қорқып та кетесең, мен қалай үлгердим екен, деген саўаллардың туўылыўы тәбийий. Әсиресе бул биз ҳаял-қызлардың турмысында гезлеседи. Үйдиң таўсылмайтуғын машқаласы, бала тәрбиясы, қоңсы-қобаның кеўлин таўып, той-мерекесин атқарысыў-аўыл ҳаялының пешанасына мөрленген ўазыйпалар. Марияш апаның өмиринде оған қоса аналар менен балалардың өмири ушын айқасқан неше-неше уйқысыз түнлери (инсанның саламатлығын урлайтуғын себеплердиң бири усы уйқысызлық) бар. Шарўалардың ҳаяллары толғатып, қыстың суўықларында ай далада қыслаўларын таба алмай әўере-сарсаң болып жүргенлерин еслеп отырады.. Бирақ аналарды да, балаларын да аман алып қалғаннан соң көп жеңилленемиз, таң азаннан қара үйди айланып толып кеткен шарўа халқын көрип, кешке дейин медициналық көриктен өткерип, түн жарпында және изимизге қайтамыз, деп еслейтуғын еди ол. Ҳәттеки бир сапары жолымызды таўалмай қалып, тоқтап, таңды күтиўимизге туўра келди. Таң саз бергенде қарасақ, бизди мәмелек айландырғандай бир жерди айланып жүре берген екенбиз, деген еди.
Марияш апаның искерлиги, талап- шаңлығы себепли оған районлық партия Кеңесиниң үшинши хаткери (ҳәзирги ҳаял-қызлар комитети), районлық медицина бирлеспесиниң бас шыпакери ўазыйпаларына усынылады. Бирақ, бул ўазыйпаларға кетиўине аналардың өмирин қутқарып, операция ислейтуғын жалғыз акушер-гинекологты кәсиплеслери де, шаңарақтағы балалардың еле жаслығы да жол қоймады. Кәсиплеслери Ҳүрзада Сейтназарова менен Галя Жанхожаевалар бизге керек қәнигемизди қозғамаңлар деп өтиниш хатларын жән-жаққа жоллады. Тоқсаныншы жылларға келип медицина институтының питкериўшилери Перигүл Айымбетова, Азат Казаков, Шарап Өмирбаев, Венера Оразалиева, Гүлистан Сәрсенбаевалар менен туўыў үйиниң қәнигелери толысты.
Балалығы мийнет пенен өтсе де, билим деп талпынған бул шаңарақтан Марияш апаның изинен Улзада педиатр, Бийбизуҳра, Злихалар санитария-эпидемиология шыпакери, Улдәўлет стомотолог шыпакер болып жетилисти. Олардың медицинаға тартылыўында да қыз апасының жол-жорығы бар. «Өзим емлеў иси факультетинде оқып бала менен қыйналғанлықтан сиңлилериме санитария, стомотология факультетине тапсырың дей бериппен. Кейнинен өкиндим, деген еди ол. Себеби олардың ишинде акушер-гинеколог, хирург болатуғындай шаққанлары бар еди.»
Инсан өтип атырған ҳәр бир деминиң ғәниймет екенин аңлай бермейди. Ана менен баланың өмири ушын гүреслерде талай қыян-кести ўақыялардың жүз бергенин туўыў үйи хызметкерлери жақсы биледи. Бирақ ҳәр күнин қысқаша болса да күнделикке түсирип бармағанына өкинетуғын еди. Китаплардағы ўақыялар турмыстан алынады. Болған, болатуғын, болыўы мүмкин болған ўақыялар. Ал, күнделик болса ҳақыйқый болған ўақыя- лардан қуралған болғаны ушын да - ең исенимли китап. Бирақ оған әмел ете бермеймиз.
Район ҳәкиминиң Баспасөз хаткери болып ислеп жүрген пайытымда ҳәкимликтиң фейсбук тармағына нураныйлер ушырасыўынан пост қойдым. Онда Б.Мусаеваның да сүўрети бар еди. Қазақстанға районнан көшип кеткен жерлеслеримиз: «Марияш апамды көрип қуўанып қалдым, балларымның дүньяға келиўине жәрдеми тийген еди», «Өзимди де, қызымды да Марияш апа босандырған еди, бизден көп сәлем айтың!», «Марияш апа менен бирге ислеген пайытларымды сағындым», «Меннен де сәлем» айтың деген шын кеўилден жазылған комментарийларға толған еди. Сол ўақытта Марияш апаның халқымыз, әсиресе аналар ушын қәдирдан инсан екенине көзим жетти. Ташкентли шәкирти, Венера дос- тым да «Тахтакөпирдиң ҳаялларының 90 пайызы Марияш ападан миннетдар болса керек» деп мойынлайды.
Инсан темирден жаралған емес, оны турмыстың ғалма-ғалы, жумыстың тәшўишлери, базда уйқысыз түнлер, денсаўлыққа итибарсыз жуўырыўлар бәри-бәри ўақыт өтиўи менен шаршатады. Бүгин көплеген инсанлардың дүньяға келиўине Алладан соң жәрдемши болған, мыңлардың киндик шешеси Бийбимарьям Мусаева арамызда жоқ. Өмирлик жолдасы Қанияз Айтеков пенен елиў жылдан аслам бир шаңарақта, бир кәсипте болып, ул-қызлардан ақлықлар көрип, өткен жылы аманатын тапсырды. Бирақ оның изинде үрим-путақлары менен бирге мийнетлериниң жемиси болған дүньяның ҳәр тәрепинде жүрген «киндик балалары», алғысын жаўдырған ақ жаўлықлы аналар бар. Олардың атынан Марияш апамыздың мәңгилик уйқысы тыныш болсын деп тилеймиз.
Гүлнара Дәўлетмуратова