Siyosat ӘДИЛ СУДЛАЎДЫ ӘМЕЛГЕ АСЫРЫЎ БАРЫСЫ

ӘДИЛ СУДЛАЎДЫ ӘМЕЛГЕ АСЫРЫЎ БАРЫСЫ

0
ӘДИЛ СУДЛАЎДЫ  ӘМЕЛГЕ АСЫРЫЎ БАРЫСЫ

Жынаят ислери бойынша Тахтакөпир район суды тәрепинен әдил судлаўды әмелге асырыў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў барысында 2025-жылдыӊ 1-шереги даўамында бир қанша ислер әмелге асырылды.

Атап айтқанда, 2025-жылдыӊ 1-шереги даўамында 36 шахсқа қарата 27 жынаятлы ис көрип тамамланған болып, олардың 14 жынаят иси жәмийетлик қәўипи үлкен болмаған жынаятлар, 8 жынаят онша аўыр болмаған жынаятлар, 5 жынаят иси аўыр жынаятларды қурайды.

Усы ислерден жәми 17 жынаят иси бойынша 25 шахсқа қарата жаза тайынлап ҳүким шығарылған. Соннан, 3 шахсқа, яғный 12 пайызына жәрийма жазасы, 7 шахсқа, яғный 28 пайызына дүзетиў ислери жазасы, 10 шахсқа, яғный 40 пайызына азатлықты шеклеў жазасы, 5 шахсқа, яғный 20 пайызына еркинен айырыў жазасы тайынланған.

2 ис бойынша 3 шахсқа Өзбекстан Республикасы ЖКниң 70-статьясына тийкарланып жаза тайынланбастан  ҳүким  шығарылған.

8 шахстың қарсысындағы 8 жынаят иси Өзбекстан Республикасы ЖПКниң 84-статьясы 4-бөлимине тийкарланып, тәреплердиң жарасқанлығы мүнәсибети менен айыплылық мәселеси шешилместен өндиристен қысқарттырылған.

2025-жылдыӊ 1-шереги даўамында көрилген жынаят ислериниң жынаят қурамы жағынан анализлегенде:

6 жынаят иси алдаўшылық (ЖК 168-ст);

6 жынаят иси транспорт қуралынан пайдаланыў қағыйдаларын бузыў (ЖК 266-ст);

3 жынаят иси өзлестириў яки растрата жолы менен талан-тараж етиў (ЖК 167-ст);

2 жынаят иси мийнетти қорғаў қағыйдаларын бузыў (ЖК 257-ст);

2 жынаят иси ержетпеген яки мийнетке жарамсыз шахсларды материаллық тәмийинлеўден бас тартыў (ЖК 122-ст);

2 жынаят иси ҳайўанат яки өсимлик дүньясынан пайдаланыў тәртибин бузыў (ЖК 202-ст);

1 жынаят иси оқ атар қуралларын нызамсыз түрде сақлаў (ЖК 248);

1 жынаят қоспашылық ҳәм зийнехана шөлкемлестириў (ЖК 131-ст);

1 жынаят урлық (ЖК 169-ст);

1 жынаят салықлар ҳәм жыйымларды төлеўден бас тартыў (ЖК 184-ст);

1 жынаят бийзарылық (ЖК 277-ст);

1 жынаят иси нәшебентлик затларды нызамға қылап рәўиште сақлаў (ЖК 276-ст) менен байланыслы жынаятларды қураған.

2025-жылдыӊ 1-шереги даўамында ҳаял-қызлар тәрепинен исленген 4 жынаят ислери көрилген, шет ел пуқаралары ҳәм жас өспиримлер тәрепинен исленген жынаят ислери  көрилмеген. Сондай-ақ, 60 жастан асқан 4 шахстың қарсысына 3жынаят ислери көрилген. 1-шереги даўамында 9 жынаят иси бойынша көшпели суд мәжилислери өткерилген болып, көрилген жынаят ислердиң 33 пайызын қурайды.

Жынаят ислери бойынша Тахтакөпир районы суды тәрепинен 2025-жылдыӊ 1-шереги даўамында 27 жынаят ислери менен байланыслы болған материаллар көрип тамамланып, соннан 25 материал бойынша келтирилген усыныс ҳәм илтимаснамалар қанаатландырылған, ал 2 материал бойынша келтирилген усыныс ҳәм илтимаснамалар қанаатландырылмастан қалдырылған.

Судқа шекем ис жүргизиў басқышында процессуаллық мәжбүрлеў шараларын қоллаў ҳаққында 8 илтимаснамалар көрип шығылып, соннан 6 илтимаснамалар қанаатландырылған, 2 илтимаснама қанаатландырылмастан  қалдырылған.

2025-жылдың 1-шереги даўамында 158 шахсқа қарата 142 ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ислер мазмуны жағынан көрип шығылған.

Соннан 94 ис бойынша 105 шахсқа қарата ҳәкимшилик жаза қолланылған болып, усы ислерден:

5 ис бойынша 5 шахсқа қарата қосымша жаза тайынланған,

22 ис бойынша 25 шахсқа қарата ҳәкимшилик ислерге ҲЖҳКтиң 33-статьясы қолланылып, жеңилирек жаза тайынланған.

Ҳәкимшилик жаза қоллаў ҳаққында қарар шығарылған 105 шахстан
79 шахсқа жарийма жазасы, 26 шахсқа ҳәкимшилик қамақ жазасы тайынланған ҳәм 48 ис бойынша 53 шахсқа қарата ис жүргизиўден қысқарттылған.

Көрип тамамланған ҳәкимшилик ислерден 113 ис, яғный 79,5 пайыз ислер мийнет жәмәәтлеринде ҳәм пуқаралар жыйынларында өткерилген көшпели суд мәжилислеринде көрилген.

Есабат дәўиринде суд тәрепинен ҳәкимшилик ислер менен байланыслы 65 материал көрилген болып, соннан ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳақкындағы ис бойынша шығарылған қарар үстинен шағым бериў менен байланыслы 18 материал, арнаўлы ҳуқықтан айырыў жазасын қысқартыў менен байланыслы 3 материал ҳәм басқа мазмундағы 44 материал көрилген.

2025-жылдың 1-шереги даўамында судқа пуқаралардан 4 дана жазба мүрәжатлар келип түскен. Соннан 3 мүрәжатларға нызамда белгиленген мүддетте үйренилип, жазба түрде жуўап берилген, 1 мүрәжат тийислилиги бойынша басқа судқа жиберилген.

Суд баслығының жеке қабыллаўында 4 пуқараға аўызеки түсиндириў берилген.

Буннан тысқары, жынаят ислери бойынша Тахтакөпир районы суды тәрепинен жынаятлардың келип шығыў себеплери ҳәм оларға имканият берген шәраятлардың алдын алыўға қаратылған бир қанша ислер әмелге асырылды.

Жынаят ислери бойынша Тахтакөпир районы суды тәрепинен
13 жынаят иси бойынша сорастырыў, тергеў уйымлары ҳәм басқа мәмлекетлик уйымлары лаўазымлы шахслары тәрепинен жол қойылған кемшиликлер жүзесинен жәми 17 айрықша уйғарыўлар шығарылып, соннан
тергеў уйымларына, судланыўшылардың жасаў орнындағы пуқаралар жыйынлары баслықлары ҳәм жумыс орынларына жиберилип мүнәсибет билдирилген.

2025-жылдыӊ 1-шереги даўамында суд тәрепинен жәми 17 мәртебе ғалаба хабар  қураллары арқалы шығыўлар әмелге асырылған.  

Соннан 3 мәрте телевидение арқалы, 4 мәрте радиода, 2 мәрте газеталарда мақалалар ҳәм 8 мәрте веб-сайтлар арқалы шығыўлар болған. Сондай-ақ, 3 мәрте аўызеки ҳуқықый үгит-нәсият ислери әмелге асырылған.

         Пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў менен байланыслы ислерди амелге асырыўда суд жәмәәти аянбай хызмет етеди.  

 

Оразбай Мауленов

Жынаят ислери бойынша

Тахтакөпир районы суды баслығы