Siyosat Тахтакөпир районында жасларға ажыратылған жер майданларында семинар кеңес шөлкемлестирилди

Тахтакөпир районында жасларға ажыратылған жер майданларында семинар кеңес шөлкемлестирилди

0
Тахтакөпир районында жасларға ажыратылған жер майданларында семинар кеңес шөлкемлестирилди

Тахтакөпир районы «Қараой» АПЖ аймағында «Пахта ҳәм ғәлледен қысқартылып ашық электрон таңлаў арқалы ажыратылып берилген майданларды тегислеп аўыл хожалығы егинлерин егиў жумысларына таярлаў бойынша» көргизбели семинар Кеңес болып өтти. Семинар Кеңеске Қарақалпақстан Республикасы  Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары Д.Кайпов Қарақалпақстан Республикасы Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў агентлиги баслығы А.Заматдинов, район ҳәкими Ж.Адилов, сектор баслықлары, районлық аўыл ҳəм суў хожалығы бөлими, Фермер, дийқан хожалалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңеси ўəкиллери қатнасты. Семинарда пахта ҳəм ғəлледен қысқартылып ашық электрон таңлаў арқалы жасларға ажыратылған жер майданларына дəнли ҳəм палыз егинлерин жетистириў ҳəм жетистирилген өнимлерди «Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў агентлиги» Қарақалпақстан Республикасы бөлими менен шәртнама дүзип, жетистирген өнимлерин белгиленген баҳаларда алатуғынлығын билдирип өтти.