Бүгинги абитуриент - ертеңги студент
Бүгинги тез пәт пенен раўажланып баратырған жаңаланыў дәўиринде билимлендириў системасының сапасын ҳәм нәтийжелилигин асырыў, жаслардың билим ҳәм көнликпелерин қәлиплестириў, абитуриентлерди жоқарғы оқыў орынларына қабыллаўда тест сынақларын жетилистириў бүгинниң талабы. Мектеп питкериўшилери, абитуриентлер ушын сертификатлаў мүмкиншиликлери ҳәм басқа да жаңалықлар енгизилип атыр.
Усы бағдардағы жаңалықлар менен таныстырыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик тест орайының директоры М.Каримов ҳәм Мәмлекетлик тест орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлими қәнигелери райондағы 10-санлы орта мектепте болып, оқытыўшылар менен оқыўшыларға, ата-аналарға түсиндириў жумысларын алып барды. Оқыўшы жаслар өзлерин толғандырып жүрген мәселелери бойынша жуўаплар алды.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети