Sport АШЫҚ БИРИНШИЛИК ӨТКЕРИЛДИ

АШЫҚ БИРИНШИЛИК ӨТКЕРИЛДИ

0
АШЫҚ БИРИНШИЛИК ӨТКЕРИЛДИ

Быйылғы жылдың «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы» ҳәм 9-май-Еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсибети менен спорттың көркем гимнастика ҳәм футбол түри бойынша арқа районлар арасында балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби ашық бириншилиги жарысы өткерилди.

Жарысқа Қарақалпақстан Республикасы көркем гимнастика федерациясынан З.Сражова, Қарақалпақстан Республикасы футбол федерациясынан К.Садиров, Р.Хасанов және басқалар қатнасты ҳәм жарысты бақлап барды.

Жарыс жуўмағында спорттың көркем  гимнастика түри бойынша районымыз қызларының ерискен табыслары жоқары болды. 2011-жылы туўылған қызлар арасында 1-орынды  Жулдыз Матекеева, 2-орынды Муслима Махмудбаева, 2010-жылы туўылғанлар арасында 1-орынды Дильфуза Жеңисбаева, 3-орынды Эльвира Муратбаева, 2009-жылғылар арасында 3-орынды Нигора Өмирзақова, 2008-жылғы қызлар арасында 1-орынды Дильноза Дәўлетбаева, 2-орынды Ҳүрлиман Аяпбергенова, 3-орынды Айдана Сметуллаева, 2007-жыл туўылған қызлар арасында 1-орынды Айнура Омарова, 2-орынды Жансулыў Татлымуратова, 3-орынды Мунира Сметуллаева , 2006-жылғылардан 1-орынды Нурила Абдуллаева, 2-орынды Дильфуза Омарова, 2004-2005-жыллары туўылған қызлар арасында 3-орынды Ҳүрзия Досжанова, 2002-2003-жылғылардан 1-орынды Улбосын Атамуратова, 2-орынды Айсәнем Өмирзақовалар ийеледи.

Ал, футбол бойынша 1-орынды районымыздың «Дәўқара» футбол командасы жеңип алды.

Жеңимпазлар балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби тәрепинен таярланған медаль ҳәм дипломлар менен сыйлықланды.

Ҳүрлиман АСЕНОВА