Fan va ta'lim Ҳүрлиманға Ташкентте де әўмет күлип бақты

Ҳүрлиманға Ташкентте де әўмет күлип бақты

0
Ҳүрлиманға Ташкентте де әўмет күлип бақты

#Хош_хабар

Биз январь айында республикамыздағы Президент мектеби, Темурбеклер мектеби, кәсип-өнер мектеплери, академиялық лицей, И.Юсупов атындағы мектеп-интернаты ҳәм улыўма орта билим бериў мектеп оқыўшылары арасында өткерилген пәнлер олимпиадасында райондағы 6-санлы орта мектептиң 11-класс оқыўшысы Ҳүрлиман Жолдасбаева қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни жөнелисинде сыйлы 1-орынды жеңип алғаны ҳаққында хабар берген едик. Ҳүрлиман шешиўши-Наўайы ўәлаятында өткерилген 4-басқышқа қатнасып, ол жерден де сыйлы бириншиликти қолдан бермей қайтты. Оның пән оқытыўшысы Дина Қаниязова.

Биз өз қатарларынан бурын студент болған Ҳ.Жолдасбаеваны ҳәм мектеп жәмәәтин үлкен табысы менен қызғын қутлықлаймыз!

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети