"Министр ҳәм жаслар" ушырасыўы
Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың тийкарын және де беккемлеў, сондай-ақ, жаслар менен ушырасыўлардың нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде райондағы мәденият орайында Өзбекстан Республикасы туризм ҳәм спорт министриниң орынбасары Абдулазиз Аққулов, Қарақалпақстан Республикасы Минстрлер Кеңеси баслығының орынбасары, туризм ҳәм спорт бас басқармасы баслығы Расул Зарекеев, район ҳәкими Жамбул Адилов ҳәм сектор басшыларының район жаслары менен ушырасыўы өткерилди. Ушырасыў даўамында белсенди жаслар спорт, туризм тараўындағы машқалалардан келип шығып, өз усыныслары менен қатнасты. Жаслардың усыныслары есапқа алынып, тийисли тараўлар арқалы алып шығылатуғыны атап өтилди. Әсиресе районымызда тәбият қойнында туризмди раўажландырыў бойынша жаслардың усыныслары әмелге асырылса, онда жасларды жумыс пенен тәмийинлеў, сырттан туристлерди көп қамтып алыў, районымыз потенциалын көтериўдей пайдалы тәреплери әмелге асырылған болады.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети