"Ашық сабақ"та ата-аналар
1338
0
Билимниң тийкарғы тырнағы - баслаўыш класстан басланады. Сонлықтан да ата-аналар ҳәр қашан да перзентлерин өз кәсибиниң маманы болған муғаллимлер оқытыўын қәлейди. Тәжирийбели устаз, 1-санлы орта мектептиң баслаўыш класс муғаллими Гүлзийра Абдиева ата-аналар менен тығыз бирге ислесиўди жолға қойған. Сонлықтан да 1-класқа математика пәнинен өткерген ашық сабағына ата-аналар да қатнасты. Олар ул-қызларының сабақ ўақтындағы қызығыўшылығына, тәртибине, сабаққа қатнасына өзлери гүўа болып, бақлап барды. Сабақ соңында устазға өз пикирлерин айтып, миннетдаршылық билдирди.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети