Биология пәни оқытыўшылары ушын "Мастер класс"
10-санлы улыўма орта билим бериў мектеби базасында «Metodik-tour» жойбары тийкарында мектеплердиң биология пәни оқытыўшыларының қатнасыўында, жоқарғы оқыў орны доценти тәрепинен "Мастер класс" өткерилди. ҚМУниң «Улыўма биология ҳам физиология» кафедрасы доценти С.Сейтназаров биология пәнин оқытыўда интерактив методлардан пайдаланыў бойынша мағлыўматлар берди. «Рефлексия», «Т схема», «Кроссворд жумбақ», «Сыйқырлы гүллер», «Венн диаграмасы», «Не ушын», «Атанақлар ҳәм бослықлар», «Пирамида», «Классификация», «Криптограмма», «Метаграмма», «Синквейн», «Анимациялы тест» усылларының үлгилерин презентация жәрдеминде көрип шығыўды ҳәм тарқатпа материаллар жәрдеминде биргеликте орынлаўды усынды.
Пән оқытыўшылары өзлериниң пикир усынысларын билдирди.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети