IТ орайы ашылды
Бүгин Тахтакөпир районында келешек кәсибине таярлаўға оқытыў бағдарында барлық зәрүр шараятлары менен тәмийинленген IТ орайы ашылды. Мәлимлеме технологиялары орайының ашылыў салтанатында район ҳәкими Жамбул Адилов, Өзбекстан Республикасы мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги аймақлық басқармасы баслығы Тимур Баекеев ҳәм тағы басқалар қатнасты.
Орайда заманагөй санлы технологиялар, компьютер билими, электрон саўда, бағдарламалаў тийкарлары, компьютер графикасы, веб-дизайн, робототехника бойынша жасларды үйретиўши оқыў курслары ушын компьютер класы, оқыў залы ҳәм киберспорт ханалары шөлкемлестирилген және интернет тармағына жалғанған.
Районымызда санлы технологиялар оқыў орайына аймақта жайласқан барлық мектеплерде 5-11 классларда тәлим алып атырған оқыўшылар, соның менен бирге жәмлеспеген жаслар ҳәм кәрхана, шөлкемлерде ислеп атырған қәнийгелердиң АКТ тараўындағы билимин асырыў режелестирилген.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети