Fan va ta'lim ЖАСЛАР– КЕЛЕШЕГИМИЗ ТАЯНЫШЫ

ЖАСЛАР– КЕЛЕШЕГИМИЗ ТАЯНЫШЫ

0
ЖАСЛАР– КЕЛЕШЕГИМИЗ ТАЯНЫШЫ

Өзбекстанды раўажланған мәмлекетке айландырыўды мақсет етип қойған екенбиз, бул мақсетке илим-мәрипат ҳәм инновация арқалы ерисе аламыз.

Буның ушын, биринши болып, стратегиялық пикир жүргизе алатуғын, билимли ҳәм тәжирийбели жаңа әўлад кадрларын таярлаўымыз зәрүр. Соның ушын биз балалар бақшасынан баслап жоқары оқыў орнына шекем, билимлендириўдиң барлық буўынларын реформалаўды басладық.

Тек ғана жаслар емес, бәлким пүтин жәмийетимиз ағзаларының билим дәрежесин асырыў ушын ең биринши нәўбетте илим-мәрипат, жоқары жетиклик керек.

Илим болмаған орында қалақлық, дурыс жолдан алжасыў болады. Шығыс данышпанлары айтқанындай “Ең үлкен байлық-бул ақыл-ой, илим, ең үлкен мийрас-бул жақсы тәрбия, ең үлкен жарлылық болса–бул билимсизликдур”.

“Заманагөй билимлерди өзлестириў үзликсиз турмыслық зәрүрликке айланыў керек”, - деген еди журтбасшымыз.

Быйылғы оқыў жылында да мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының бакалавриат тәлим бағдарларына қабыллаў ушын тест сынақлары процесслери, көпшилик күткениндей, әдалатлы ҳәм ашықлық тәризде болып өтти. Бул ең алды менен ҳүкиметимиз басшыларының усы тараўда алып барып атырған сиясаты, реформалары нәтийжеси.

Усы оқыў жылында Қарақалпақстан Республикасында 82 мың 397 абитуриент онлайн дизимге алынған болса, соннан 67103 абитуриент тест сынақларында қатнасты, 11 мыңнан аслам абитуриент дөретиўшилик имтиханларда өз билимлерин сынақтан өткерди.

Абитуриентлердиң районлар кесиминде жоқары оқыў орынларының тәлим бағдарларын таңлаўда, тийкарынан питкериўшилердиң қызығыўшылығы, сондай-ақ, аймақлардың экономикалық раўажланыўлары тийкарғы рольди атқармақта.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Қарақалпақстан Республикасында шарўашылық тармақларын жедел раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы  ПҚ-4512-санлы қарары менен 2020/21–2022/23 оқыў жылларының күндизги тәлим формасы ушын Тахтакөпир, Мойнақ, Бозатаў, Қоңырат районлары бойынша мәмлекетлик грантлары тийкарында мақсетли қабыллаў көрсеткишлеринен ажыратылыўы район жаслары ушын жүдә қуўанышлы жағдай болды.

Тахтакөпир районы бойынша жәми 1564 абитуриентлер өз ҳүжжетлерин онлайн дизимнен өткерген болса, соннан 43 абитуриент грант тийкарында, 180 абитуриент төлемли-шәртнама тийкарында, жәми 223  (14,2 %) абитуриент студент болыў бахтына миясар болды. Олардың көпшилиги ветеринария, зооинженерия, жылқышылық, сондай-ақ, педагогикалық тәлим бағдарларын таңламақта. Бул әлбетте жасларымыздың жоқары мағлыўматлы жетик кадр сыпатында елимиз раўажланыўы ушын өз билимин, тәжирийбесин жумсаў ушын исленип атырған ҳәрекетлер.

Д.Көшкинбаев 

 Мәмлекетлик тест орайының  Қарақалпақстан Республикасы  бөлими бас қәнигеси