ОҚЫЎШЫЛАРДЫҢ ЕРКИН ПИКИРЛЕЎ ҚӘБИЛЕТИН РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ
Инсанның еркин, ақылый ҳәрекет етиўи еркин пикирлеў арқалы ғана әмелге асырылыўы сыр емес. Атақлы методист-педагог А. Дистервергай айтқанындай: «Еркин ҳәрекет етиўге жетелеўши билимлендириў ҳақыйқатқа, гөззаллыққа, жақсылыққа хызмет етеди, характер ҳәм исенимди тәрбиялайды».
Шынығыўларда еркин ислеўди шөлкемлестириў, қойылған машқала, сораў, тапсырмалардың мазмунынан келип шығып, оқыў процессин басқарыў жас әўладта еркин пикирлеўди ҳәм жеделликти тәрбиялайды. Бул болса: өзлестирилген билимлерден әмелиятта пайдаланыў көнликлерин қәлинлестиреди;
оқыўшыда өз күшине, билимине ҳәм имканиятларына исенимин беккемлейди;
билим-ишки сезимлерин анық сәўлелендириўди пайда етиў менен бирге олардың мәнисин анықлаўға, көз алдына келтиргенлерин түсиник дәрежесинде өзлестириўге алып барады.
Қарақалпақ тили сабақларында тийкарғы итибар оқыўшылардағы дөретиўшилик пикир нәтийжесин еркин ҳәм избе-из баян етиўге, сөз байлығын асырыў Ҳәм текст жаратыў көнликпелериниң қәлиплесиўине қаратылыўы керек. Оқыўшы Ҳәр бир сабақта еркин пикирлеўи, тилимиздеги бар имканиятлардан өнимли пайдаланыўы, сөз байлығын көбейтиўи, сөздиң мәниси, пәтине қарап өзиниң сөйлеўинде қолланыўы, анық сөйлеў тәжирийбесин ийелеўи керек. Мәселен, фонетика бөлимин үйрениўде оқыўшылардың сөз байлығын раўажландырыўға қаратылған өз бетинше жумыслардан үлгилер келтирип өтемиз:
1-тапсырма. ...ет, ...ез, ...ол сөзлериниң алдына бир фонема қосып, жаңа сөз пайда етиң.
2-тапсырма. Пайда болған сөзлердиң синонимлес сөзлерин табың. Олардың мәнисиниң өз-ара уқсас ҳәм айрықшалық белгилерин түсиндириң.
Сөзлердиң мәнилерин талқылаў-оқыўшының сөзлик байлығының көбейиўине алып келеди.
3-тапсырма. Оқыўшылар өзлери таўған сөзлерден сөз дизбеклерин пайда етеди, гәп дүзеди ҳәм текст жаратады.
Қарақалпақ тили сабақларында бундай ойын-тапсырмалардан пайдаланыў, жас әўладты еркин пикирлеўге, сабақта белсене қатнасыўға ийтермелесе, муғаллимге оқыў процессине беллесиў руўхын алып кириўде көмекши болады.
Гүлмира ХАЛИЛАЕВА
8-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң қарақалпақ тили Ҳәм әдебияты пәни муғаллими