Район ҳәкиминиң брифингте сөйлеген сөзи
Ассалаўма- әлейкум, ҳүрметли жолдаслар!
Шегара таңламай пүткил дүньяны жайлап атырған коронавирус пандемиясының алдын алыўда бизиң елимизде кең көлемли жумыслар жүргизилип атырғанын тән алыўымыз керек.
Мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшысы тийисли пәрман ҳәм қарарлар қабыл етип, онда халқымыздың аманлығы, ҳәр бир инсанның саламатлығын ойлап, пуқаралардың түскинликке түсип қалмаўы, ҳаўлықпаўы, экономикалық қыйыншылықларға дус келмеўи, унамсыз ақыбетлердиң алдын алыўда барлық илажларды иске қоспақта.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жылдың 19-март күнги "Коронавирус пандемиясы ҳәм глобал кризис жағдайларының экономика тармақларына унамсыз тәсирин жумсартыў бойынша биринши гезектеги илажлар ҳаққында"ғы Пәрманы ҳәм қарарлар өз ўақтында қабыл етилген ҳәм барлық көрсетпелер сәўлелениўин тапқан, елимиздиң ҳәр бир пуқарасына меҳир, итибар сиңдирилген әҳмийетли ҳүжжетлер деп қабыл етиўимиз керек.
Усы белгиленген ис-илажларға муўапық, Тахтакөпир районында алып барылып атырған жумыслар бойынша мағлыўмат берип өтпекшимен.
Район аймағына коронавирус инфекциясының кирип келиўиниң алдын алыў ҳәм халықтың саламатлығын қорғаў мақсетинде усы жыл 27-март күнинен баслап арнаўлы комиссияның баянламасы менен район аймағында еки орында, Өзбекстан мәкан пуқаралар жыйыны ҳәм Мүлик аўыл пуқаралар жыйынында район аймағына кириўши ҳәм шығыўшы автотранспортларды қадағалаў бойынша “Жол патрул хызмети” постлары шөлкемлестирилип, оған район ҳәкимлиги, ишки ислер бөлими, айрықша жағдайлар бөлими, медицина бирлеспеси ҳәм санитария-эпидемиологиялық тынышлық орайы хызметкерлери бириктирилип, күни-түни нәўбетшилик тийкарында район аймағына кириўши ҳәм шығыўшы автотранспортлар қадағалаўға алынды.
Тахтакөпир районында вирусқа шалынғанлар бүгинги күнде анықланбады. Бирақ, биз бул жағдайда арқайынлыққа берилместен, тийисли профилактика жумысларын алып барып атырмыз ҳәм соның менен бирге экономика тараўындағы жумысларды да жеделлик пенен орынлап атырмыз.
Бүгинги күнде Тахтакөпир районында 7914 шаңарақта 40 мыңнан аслам халық жасайды.
Соның ишинде кем тәмийинленген ҳәм карантин дәўиринде дәраматсыз қалған шаңарақлар саны 480 ди қурайды. Булардағы шаңарақ ағзалар саны 2256 болса, үйрениў барысында жумысқа жарамлы болған, бирақ жумыс пенен бәнт болмаған 892 шанарақ ағзалары мәлим болды.
2020-жыл 20-апрель күнги Өзбекстан Республикасы Президенти Ш. М.Мирзиёев басшылығында өткерилген видеоселектор мәжилисиндеги алға қойған басламасы тийкарында, Министрлер Кабинетиниң “Мәҳәлле” фонды республика басқарыўы, фондтың аймақлық бөлимлери жанында юридикалық шахс болмаған “Қайыр-сақаўат ҳәм көмек” қорын шөлкемлестириў ҳаққындағы 213-ф-санлы бийлигиниң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде карантин ўақтында халықтың жәрдемге мүтәж, кем тәмийинленген шаңарақларын анықлаў, оларды материаллық жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде бир қанша нәтийжели жумыслар әмелге асырылмақта.
Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги, Өзбекстан Республикасы Бас Прокуратурасы, Экономикалық раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги тәрепинен әмелге енгизилген тәртибине тийкарланып, орынларда сектор штаб ағзалары ҳәм мәҳәлле пуқаралар жыйынлары ўәкиллеринен дүзилген исши топарлары тәрепинен ҳәр бир мәҳәлле кесиминде үйме-үй жүрип, үйрениў барысында секторлардағы жәрдемге мүтәж шаңарақлардың дизими 2 тайпада қәлиплестирилди.
Соннан, Тахтакөпир районында 356 биринши тайпадағы шаңарақ- бағыўшысы жоқ жалғыз кекселер, майыплығы болған, бағыўшысын жоғалтқан, аўыр кеселлиги бар, көп балалы, сондай-ақ, социаллық напақасы реал зәрүрлигин қапламайтуғын ҳәм оннан басқа дәрамат дереги болмаған шаңарақлар;
124 екинши тайпадағы шаңарақ-мийнетке жарамлы ағзалары бар, бирақ олар ҳеш жерде жумыс ислемейтуғын, пандемия себебинен дәраматын ўақтынша жоғалтқан, мүтәж шаңарақлар дизими сектор ҳәм мәҳәлле кесиминде қәлиплестирилди.
Жәрдемге мүтәж шаңарақларға социаллық жәрдем көрсетилиўи ҳәм бул жағдайды қадағалаўға алыныўын тәмийинлеў мақсетинде 480 шаңараққа материаллық жәрдем көрсетиўди қәлеўши 249 исбилерменлик субъектлери, жеке пуқаралар, мекеме, кәрхана, шөлкемлер өз қәлеўи менен бириктирилди.
Ҳақыйқатында да пандемия көпшилик тараўларда жумыс орынларын жаратыўға, кәмбағаллыққа қарсы гүресиўде үлкен зыянын тийгизди. Сонлықтан Президентимиз: «Ислеў усылымыз сондай болыў керек, 50 пайыз карантин, 50 пайыз экономика» деп пандемия шараятында кәмбағаллықты қысқартыў бойынша ис илажларға итибар бериў кереклигин атап өтти.
Районда кәмбағаллықты қысқартыў мақсетинде биринши нәўбетте Президентимиз тәрепинен жаратып берилген система тийкарында 4 сектордың ҳәр биринде структура исленип, секторларға экономикалық комплекстен жәми 35 хызметкер бириктирилип, жумыслар жолға қойылған.
Райондағы 356 кем тәмийинленген хожалықлар ҳәм олардағы 1716 пуқара “Сақаўат китабы”на киргизилген болып, оларға күнделик-ли азық-аўқат ҳәм тутыныў товарлары үзликсиз жеткерип берилмекте.
Сондай-ақ, районымыздағы қәўендер исбилерменлер тәрепинен кем тәмийинленген шаңарақларға 10 бас қарамал, 34 бас қой-ешкилер, 600 дана шөжелер алып берилди. Бүгинги күнде бул жумыслар еле даўам етпекте.
Районымыздағы жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларға қосымша дәраматлар дерегин жаратыў мақсетинде барлық имканиятларымызды қайтадан көрип шығып, есап-китап иследик.
Президентимиз айтқанындай, халқымызды камбағаллықтан шығарыўда олардың көз-қарасын базар мүнәсибетлерине бағдарлаймыз, деген пикирлери тийкарында төмендеги илажлар әмелге асырылып атыр.
Бириншиден, усы хожалықларда жумыс пенен бәнт болмаған
892 пуқаралардың бәршесин турақлы жумыс пенен тәмийинлеў мақсетинде жумыслар алып барылмақта.
Соннан 246 пуқара аўыл хожалығы тараўы, 225 пуқара қурылыс тараўы, 15 пуқара ислеп шығарыў тараўы,
406 пуқараны басқа тараўларға жумысқа орналастырыў ҳәм турақлы дәрамат дереклерине ийе болыўы ушын жумыслар алып барылмақта.
Районымызда жаңадан 2 орында аўыл хожалық кооперативлери шөлкемлестирилип, оларға жәми 104,3 млн.сўм субсидия қаржылары ажратылып, 46 кем тәмийинленген хожалықлардың жумыссыз ағзалары жумыс пенен тәмийинленди.
Буннан басқа 2020-жыл 1-июнь ҳалатына апрель-май айларында район бойынша жәми 1475 жумыссыз пуқара мийнет ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысларға тартылды.
“Ҳәр бир шаңарақ исбилермен” ҳәм “Жаслар-келешегимиз” мәмлекетлик дәстүри тийкарында 2020-жылда районымызда усы бағдарда жәми 13,8 млрд.сум ресурслар қаратылған болып, бул бойынша белгиленген жойбарлар тийкарында жумыслар алып барылмақта.
Жыл басынан хожалықларға ықшам ыссыханалар қурыў бойынша ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде
74 ыссыханалар қурылып, хожалықларға жайластырылды ҳәм бул бойынша халқымыз өз искерлигин жолға қойды.
Бизиң Тахтакөпир районында бүгинги күнде кең көлемде қурылыс жумыслары алып барылмақта. Яғный, 2020-жыл инвестиция дәстүри ҳәм “Абат орай” бағдарламасы бойынша районымызда 82,7 млрд.сум муғдарында қурылыс жумысларын әмелге асырыў белгиленген.
Атап айтқанда, бағдарлама тийкарында Нөкис-Шымбай-Тахтакөпир 4р 176 автомагистрал жолының 110,5-114 км аралығына (3,5км) реконструкция жумыслары, “Қараой” АПЖ аймағынан 1000 орынға мөлшерленген “стадион” ҳәм 90 орынға мөлшерленген мектепке шекемги билимлендириў мекемеси, районлық бәнтликке көмеклесиў орайы ҳәм районлық мәмлекетлик хызметлер орайы имаратларын жаңадан қурыў, район орайында жайласқан мәденият орайы ҳәм районлық медицина бирлеспеси имаратларына реконструкция жумыслары, 3-санлы ҳәм 6-санлы мектеп имаратларына капитал оңлаў, басқа да объектлерде қурылыс оңлаў жумыслары алып барылмақта.
Район халқын тәбийий газ бенен тәмийинлеў, сондай-ақ исбилерменликти раўажландырыў мақсетинде районға 6,5 кг басымдағы тәбийий газ жеткерип берилмекте ҳәм усы тәбийий газден пайдаланған ҳалда еки исбилермен тәрепинен 8 гектар жер майданына гидропоника ҳәм гербиш заводлар қурыў режелестирилмекте.
Тахтакөпир районы бойынша ҳәр жылғы инвестиция дәстүри тийкарында бир қанша социаллық тараў объектлери, газ, электр энергия ҳәм ишимлик суў тармақларын жаңадан қурыў ҳәм оңлаў жумыслары әмелге асырылмақта.
2020-жыл ушын бюджет түсими режеси 22 млрд. 454,6 млн. сум етип белгиленип, бүгинги күнге 11 млрд. 579,8 млн.сум түсим түсирилди (реже 51,5 % пайызға орынланланбақта).
Соның ишинде,
2020-жылдың I шерек реже: - 4 млрд. 615,1 млн. сум етип белгиленип, орынланыўы 5 млрд. 262,9 млн. сум түсирилди (реже 114% пайызға орынланланды (647,8 млн.сумға артық салық түсимлери тәмийинленди )).
2020-жылдын II шереги бойынша бүгинги күнге дейин 6 млрд. 323,3 млн. сумлык салық түсимлери түсирилген болып,
II шерек жуўмағы менен салық түсимлерин тәмийинлеп, жәми 1 млрд. 500 млн.сумға артығы менен орынлаў болжаўымыз бар.
Пандемия шараятында исбилерменлик субъектлерине жеңилликлер жаратып бериў бойынша шығарылған Пәрманлар тийкарында бүгинги күнде райондағы 59 хожалық жүргизиўши субъектлердиң 14 миллион 560 мың сумлық жер, мал-мүлик салығы ҳәм есапланған пенялар белгиленген тәртипте есаптан шығарылды.
Усы жеңилликлерди исбилерменлик субъектлерине жеткизген ҳалда олардан толық пайдаланыўды тәмийинлеймиз.
Районда май айы экспорт болжаўы 116 мың доллар болып, әмелде 119 мың долларға, яғный 102 % ға орынланды.
Усы жылдың биринши ярым жыллық экспорт режесин артығы менен орынлаў мүмкиншилигимиз бар.
Бүгинги аўыр ҳәм сынаўлы күнлерде Президентимиз тәрепинен берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша районда мениң басшылығымда ҳәм барлық сектор басшылары менен биргеликте тийисли ис-илажлар әмелге асырылмақта. Ҳәзирги шараятда биз ҳәкимият органлары ўәкиллери «Халық мәмлекетлик органларына емес, бәлким мәмлекетлик органлары халыққа хызмет етиўи керек» деген тийкарғы принципке сүйенген ҳалда жумысымызды жаңа басқышқа алып шығыўымыз, буның ушын ҳәмийше халық пенен жақсы мүнәсибетте болып, пуқаралардың қыйнап келген машқалаларын сапластырған ҳалда халқымызды разы етиўимиз зәрүр.
Ҳүрметли жолдаслар!
Тахтакөпир районы ҳәкими сыпатында исендирип айтаман, сектор басшылары, депутатлар, белсендилер ҳәм исбилерменлер менен бүгинги аўыр ҳәм сынаўлы күнлерде Ҳүрметли Президентимиз алып барып атырған әдил сиясатты қоллап-қуўатлап, барлық тараўда алдымызға қойған жуўапкершиликли ўазыйпаларды толық орынлаймыз.
Ҳәр дайым халық пенен бирге болып, олардың машқалаларын шешип, халыкты разы етиў-тийкарғы ўазыйпамыз деп билемиз.
Сизлерге саў-саламатлық, ҳәр бир шаңараққа аманлық тилеймиз.