Fan va ta'lim Алтын медаль ийелери

Алтын медаль ийелери

1
Алтын медаль ийелери

Ана мектеби менен питкериўши класс оқыўшыларының хошласатуғын пайыты келди. Пәнлерден айрықша баҳаларға үлгерген зейинли оқыўшылар әдеттегидей дәстүрге айланған алтын, гумис медальлар менен жуўмақлап шығады.

Бүгин Тахтакөпир районындағы  5-санлы улыўма билим бериў мектебинде  11-kласс питкериўшилери болған алтын медаль  ийелерин хошаметлеў кешеси болып өтти.  Keшеге Қарақалпақстан Республикасы билимлендириў министри  A.Aяпов ҳәм район ҳәкими Ж.Адиловлар қатнасты.  10-санлы мектептиң 11-класс oқыўшылары Н.Тилеўмуратова, А.Матханова ҳәм Н.Жақсылықовалар мектепте айрықша баҳаларға оқып, алтын медаль ийелери болыўға ерискенин атап өтип, аўыл мектебиниң билим сыпатын жоқары баҳалады. Питкериўшилердиң жоқары оқыў орынларының да мақтанышы болып жетилисиўине тилек билдирди.