Fan va ta'lim ОҚЫЎШЫЛАРДЫҢ ТАБЫСЫ МАҚТАНЫЎFА ЫЛАЙЫҚ

ОҚЫЎШЫЛАРДЫҢ ТАБЫСЫ МАҚТАНЫЎFА ЫЛАЙЫҚ

0
ОҚЫЎШЫЛАРДЫҢ ТАБЫСЫ  МАҚТАНЫЎFА ЫЛАЙЫҚ

Жақында  республикалық «Бәркамал әўлад» балалар орайында барлық районлардың «Бәркамал әўлад» балалар орайлары қатнасыўында «Үлкетаныў ҳәм экология» жөнелиси бойынша «Қуяшлы үлкем!» көрик таңлаўы болып өтти. Таңлаў 4 шәрттен:

-өз үлкеси ҳаққында көргизбели презентация (районның географиялық орны, климаты, халық саны, санааты, районның шөлкемлестирилиўи ҳәм қысқаша тарийхы,тарийхый орынлары);

-дийўаллы газета таярлаў;

-тест жумысы;

-сахналық көринис (миллий үрп-әдетлеримиз, салт-дәстүрлеримиз ҳаққында сахналық көринислер таярлаўдан ибарат.

Көрик таңлаўға орайымыздың «Жас тәбияттаныўшы» дөгереги ағзалары Гүлнур Орынбаева, Меҳрийбан Уралбаева, Гульчехра Жийемуратова, Гүлназ Жаңабаевалар қатнасты.  Олар таңлаў жуўмағында сыйлы 1-орынды ийелеп, Ташкент қаласына таңлаўдың үшинши басқышына қатнасыўға  жоллама алды. Бул басқыш 23-май күни болып өтти.

Таңлаў жуўмағында  қатнасыўшыларымыз сыйлы 3-орынды алыўға миясар болды ҳәм III дәрежели диплом, саўғалар менен сыйлықланды. Бундай жетискенликлерге ерисиўинде әлбетте жас тәбияттаныўшы дөгереги басшысы Ҳүрлиман Отарбаеваның мийнети айрықша болды.

Сондай-ақ, республикалық «Бәркамал әўлад» балалар орайында «Саламат турмыс тәризи тәрептарымыз!» атамасында сыртқы таңлаўы болып өткен еди. Таңлаў сүўретлеў, мультимедия, қысқа гүрриң ҳәм қосықлар, электрон қутлықлаўлар, фото сүўретлер  жөнелиси бойынша «Шегиў-инсан ушын қәўипли», «Ишиўшилик-жаман иллет», «Нәшебентлик-түпсиз жарлық», «АИЖС-әсир ылаңы», «Саламат болыў-өмир тәризимиз», «Спорт-саламатлық гиреўи» темаларында электрон тәризде материаллар қабыл етилди. Бул таңлаўда сүўретлеў жөнелиси бойынша сүўретлеў өнери дөгереги ағзасы Бектурсын Жақсымуратов 1-орынды ҳәм мультимедия жөнелиси бойынша компьютер графикасы ҳәм дизайн дөгереги ағзасы Саламат Қаниязов 1-орынды ийелеп, Ташкент қаласына таңлаўдың үшинши басқышына қатнасыўына жоллама алды. Алдағы ўақытларда жеңимпаз оқыўшыларға  бул басқышта да табыслар тилеймиз.

Қамажай АЛЛАМБЕРГЕНОВА

Бәркамал әўлад орайының «Үлкетаныў ҳәм экология» жөнелиси методисти