Fan va ta'lim ТЕХНОЛОГИЯ ПӘНИ- ИСБИЛЕРМЕНЛИККЕ БАСЛАМА

ТЕХНОЛОГИЯ ПӘНИ- ИСБИЛЕРМЕНЛИККЕ БАСЛАМА

0
ТЕХНОЛОГИЯ ПӘНИ- ИСБИЛЕРМЕНЛИККЕ БАСЛАМА

Мектеплерде өтилетуғын технология пәни өнер ийелеўге қызыққан ҳәр бир оқыўшы ушын келешекте белгили бир кәсип ийеси, әсиресе өз исбилерменлигин жолға қойыўы ушын баслама бола алады. Себеби бул пән оқыўшылар ушын кийим үлгилерин пишиў, кишкенелердиң кийимлерин тигиў, тоқыў, кестешилик ҳәм усташылық өнерлерин үйретеди. Оқыўшыда бундай  өнер бурыннан қәлиплескен болса ол өз билгенине қосымша тәжирийбе арттырып барады. Және де мектебимизде оқыўшылар ушын «Шебер қоллар» дөгереги шөлкемлестирилген.

Жақында дөгерекке қатнасыўшы қызлар арасында «Өнерлиниң қолы алтын» темасында көрик таңлаў өткердик. Онда қызларымыз өз өнерлерин көрсетиў, мийнетке тийисли нақыл-мақаллар, спорт пенен шуғылланыў, салат түрлерин таярлаў, кручок жәрдеминде ҳәр түрли кийимлерди тоқыў бойынша бири-биринен  қаншелли дәрежеде шаққан екенлигин көрсетти.

Сондай-ақ, мектебимиздиң 5-9-класс оқыўшы ер ҳәм қыз балалары арасында дөгерек жумыслары бойынша көргизбе шөлкемлестирилди. Көргизбеге мектеп оқыўшылары өз қоллары менен тиккен ҳәм тоқыған мийнетлерин, усташылық буйымларын қойды. Буны көзден өткерген мектебимиздиң муғаллимлер жәмәәти оларға жоқары баҳа берди.

Демек, өнер үйрениў, әсиресе қызларымызды кәсипке бағдарлаў менен бирге ертеңги турмысқа таярлаўда да асқатады.

 

Малика АСЕНОВА

5-санлы мектептиң технология пәни оқытыўшысы