Fan va ta'lim «НИЙЕТИМ»-НАРГИЗАНЫҢ ТУҢFЫШ КИТАБЫ

«НИЙЕТИМ»-НАРГИЗАНЫҢ ТУҢFЫШ КИТАБЫ

0
 «НИЙЕТИМ»-НАРГИЗАНЫҢ   ТУҢFЫШ КИТАБЫ

Қыз бала қанша өнер ийелесе де көплик етпейди. Тоқымашылық, тигиўшилик, сүўрет салыў, аяқ ойын,  саз шертиўден баслап шайыршылық өнерине де ықлас қойған Наргизаның бүгинлиги ерисип атырған табыслары көзди қуўандырады.

Талант ҳәмийше талпыныс пенен жасайды. Наргизаның жүрек төринен шыққан сулыў сөзлери, ата-анасына деген меҳри, Ўатанына деген муҳаббаты қосық болып дөрелди. Изли-изинен дөреген қосықларды жәмлеп, Наргиза алдына  бир жақсы нийет етти. Бул нийети жолдасы болып, быйыл «Нийетим» атлы китабын баспадан шығарды. Китапта Ўатан тәрийпи, ата-анаға деген муҳаббаты, тәбият гөззаллығы, аўыл көриниси, дослар садықлығы, қәдирдан устазлар, бахытлы балалығы орын алған.   Бул китап ҳеш кимди бийпарық қалдырмайды деген үмиттемиз. Себеби Наргизаның алып-ушып турған кишкене ғана жүреги усы китап арқалы оны бийик шыңларға ийтермелейди. Және де үлкен табысларға қол жеткизиўге тапындырады.

Жақында өткерилген «Камалак жулдызлары» атлы көрик таңлаўдың республикалық басқышында «әдебият» жөнелиси бойынша Наргиза 1-орынды жеңип алды. Демек быйылғы жыл Наргиза ушын әўметли жыл болды.

Наргиза Рамбергенова ҳәзирги ўақытта райондағы  1-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 7-класында билим алып атыр. Оны барлық мектеп жәмәәти мақтаныш етеди.

Наргизаның алдына қойған баслы мақсети-китаплар санын  көбейтип, дөретиўшилигин еле де жанландырып, «Зульфия»   атындағы мәмлекетлик сыйлықтың ийеси болыў. Биз бул жолда да Наргизаға нийетиң жолдасың болсын, дегимиз келеди.

 

Муҳаббат ИЗИМБЕТОВА