Fan va ta'lim УЛЛЫ КӘСИП ИЙЕЛЕРИ

УЛЛЫ КӘСИП ИЙЕЛЕРИ

0
УЛЛЫ КӘСИП ИЙЕЛЕРИ

Устазлар ҳәр қашанда ҳүрмет иззетте болып, олардың мийнети әдил баҳаланып келген. Устаз атаңдай уллы, деп оларды мақтаныш тутып, ардақлап келген халықпыз. Сонлықтан да биз журналистлер шәкиртиниң жүрегине жол таба билген, оларға билим сырларын үйретиўден шаршамайтуғын  пидайы инсанлар ҳаққында жыллы сөзлеримизди айтыўдан жалықпаймыз. Билимлендириў тараўында кәсибин жанындай сүйген,  билим ҳәм көнликпелерин шәкиртлеринде өзлестириўге бар интасы менен талпынып, мийнет етип атырған пидайы устазлар саны оғада көп. Олар жақында ғана кәсиплик байрамын көтериңки руўхта белгилеп,  шәкиртлериниң, кең жәмәәтшиликтиң қутлықлаўларын жыллы қабыл етип, бул уллы кәсип ийелери болғанына кеўиллеринде мақтаныш сезимлерин және бир мәртебе түйген болса керек, деп ойлаймыз.

Райондағы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде муғаллимлер ҳәм устазлар күнине арналып өткерилген салтанатқа нураный устазлар менен алдыңғы саптағы оқытыўшылар, билимлендириў мекемелери басшылары қатнасты.

Жыйналғанларды район ҳәкиминиң орынбасары Оразбай Генжемуратов, районлық билимлендириў бөлиминиң баслығы Расберген Өтепбергенов, нураный устаз Периўхан Қыдырниязова ҳәм басқалар қутлықлады. Билимлендириў тараўында мийнет етип атырған 852 оқытыўшының ҳәм 130 дан аслам тәрбияшының  келешек әўлад тәрбиясы менен билимлендириў  жумысларына табыслар ти-леди.

Ҳәр жылғы дәстүрге айналған, байрам қарсаңында билимлендириў тараўы хызметкерлерин мәмлекетлик атақлар, орден, медаллар ҳәм көкирек нышанлары менен сыйлықлаў  даўам етип, райондағы билимлендириў тараўынан 1 муғаллим Өзбекистан Республикасы халық билимлендириў ағласы, 6 муғаллим Қарақалпақстан Республикасы халық билимлендириў ағласы көкирек нышанлары менен сыйлықланды. Алдыңғы оқытыўшыларға ҳүрмет жарлықлары менен баҳалы саўғалар берилди. 

Байрам мүнәсибетине арналған йошлы қосықлар, балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби тәрбияланыўшыларының сазлы намалары менен аяқ ойынлары атқарылды. Буннан соң нураный устазлар ҳәм шақырылған мийманлар «Мухаммед-Тахта» тойханасында бир кесе шай үстинде және заўықлы дем алды.

 

ҲүрлиманАСЕНОВА