752 ОҚЫЎШЫНЫҢ ДӘСЛЕПКИ ҚӘДЕМИ
2-сентябрь күни пүткил елимиз бойлап барлық оқыў орынларында, улыўма орта билим бериў мектеплеринде ғәрезсизлик сабағы менен 2017-2018-оқыў жылы басланды. Мектеплердеги ҳәр бир класс оқыўшысы бир жасқа улғайған болса, мектепке енди қәдем қойып атырған 1-класс оқыўшылары-жаңа өмир баслап, мектепке қарай өз соқпағын салмақта. Бул күни районлық билимлендириў бөлимине қараслы 23 мектеп пенен «Бәркамал әўлад» орайында мийнет етиўши 836 оқытыўшы 5287 оқыўшыға билим есиклерин ашып, жаңа оқыў жылын баслап жиберди.
Билимлендириў мекемелериндеги 836 муғаллимниң 664 муғаллими, яғный 80 пайызға шамаласы жоқары мағлыўматлы педагоглар болып есапланады.
Ҳүкиметимиз тәрепинен жасларға билим бериўде педагог хызметкерлерге имканиятлар жаратыў менен бирге олардың мийнетлерин хошаметлеўге де үлкен дыққат итибар қаратылды.
Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2012-жыл 10-декабрьдеги халық билимлендириў тараўында шет тиллерин оқытыў ҳәм үйрениўди жетилистириў ис илажлары ҳаққындағы қарары менен тастыйықланған Өзбекистан Республикасының халық билимлендириў тараўында шет тиллерин оқытыўды ҳәм үйрениўди жәнеде жетилистириў бойынша ис илажлар бағдарламасында белгиленген ўазыйпаларды өз ўақтында орынлаў бойынша бир қанша жумыслар алып барылған.
Бүгинги күнде районымызда 49 муғаллим шет тили пәнинен билим береди. Мектеплердеги шет тили ханалары мебель, мультимедиа ҳәм көргизбели қураллар, муғаллимлердиң шет тили сабақлығы ҳәм методикалық қолланбалары менен тәмийинленген.
Мектеп питкериўшилерин билимлендириўдиң кейинги басқышына қамтыў бойынша бир қанша жумыслар әмелге асырылмақта.
Өткен 2016-2017-оқыў жылында мектеплердиң 9-класын жәми 470 оқыўшы питкерип, соннан 31 питкериўши академиялық лицейлерге, 174 питкериўши өзлери таңлаған қәнигеликлери бойынша республикамыздағы кәсип-өнер колледжлерине ҳүжжет тапсырған болса, 262 оқыўшы өзлери оқыған мектеплеринде 10-класста оқыўын даўам еттиреди.
2017-2018-оқыў жылында мектеплердиң 1-класына 752 бала қабылланып, оларға 12 атамадағы оқыў қураллары берилди.
Районлық 3-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма орта билим бериў мектеби көп жыллық тарийхқа ийе, алдыңғы ис тәжирийбеси мол педагоглардан ибарат жәмәәт болып, бүгинги күнде республикамыздың ҳәр тәрепинде питкериўшилери турмыстың түрли салаларында жемисли мийнет етип атыр. Быйылғы жылыда 91 баланы және өз қушағына қабыллаған мектеп жәмәәтинде жаңа оқыў жылының басланыўы алдында салтанатлы ушырасыў өткерилди.
Мектеп жәмәәти менен оқыўшыларды район ҳәкими Жамбул Адилов, Қарақалпақстан Республикасы халық билимлендириў министрлиги мәмлекетлик билимлендириў стандартлары мониторинг басқармасы баслығы Аңсатбай Жақсымуратов, районлық билимлендириў бөлиминиң баслығы Расберген Өтепбергенов, мектеп директоры Гүлчеҳра Сейтназарова ҳәм ата-аналар қызғын қутлықлады. Билим алып атырған оқыўшы жаслардан елимиздиң ертеңги күни гүллеп жайнаўында үлкен үмитлер күтетуғынына исеним билдирди. Биринши классқа енди қәдем қойып атырған кишкенелерге оқыў қураллары менен китаплар саўға етилди.
Усы күни мектепте дәслепки-Fәрезсизлик сабағы менен жаңа оқыў жылы басланып кетти.
Ҳүрлиман АСЕНОВА
СҮЎРЕТТЕ: 3-санлы мәмлекетлик қәнигелестирилген мектептиң 1-классқа қәдем қойған оқыўшылары