Fan va ta'lim МЕН ОҚЫFАН ДӘРГАЙ

МЕН ОҚЫFАН ДӘРГАЙ

0
МЕН ОҚЫFАН ДӘРГАЙ

                                                   Жүрек тарынан исленген әсбап тарма деймен,

                                                   Саздың ең нәфис ағласы Өзбекте барма деймен.

(И.Юсупов)

Шайыр тәрийплегениндей, саз бул-инсанға заўық берип, өзгеше кейпият, илҳам бағышлаўшы әжайып нәрсе. Психологлардың айтыўынша, музыка, яғный, саз арқалы наўқасларды емлеў мүмкин. Демек, саз қүдиретли, жағымлы. Ал, саз өз-өзинен болмайды, әсбаплар жәрдеминде пайда болады. әсбапларды кәмине келтирип шертетуғынлар-сазенделер. Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде көркем-өнер тараўына үлкен итибар қаратылмақта. Жас әўладлардың ҳәр тәреплеме жетилисип шығыўы ушын балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплери жаңадан қурылып, материаллық техникалық базасы беккемленип атыр. Бундағы мақсет-қызығыўшы, қәбилетли жасларды жетилистирип шығарыўдан ибарат. Мен де кишкенелигимнен музыка мектебине қатнап, тәлим алдым.

Көркем өнер тараўы хызметкерлери шаңарағында туўылғанлығым себепли қызығыўшылығым саз әсбабын шертип үйрениў ушын музыка мектебине жетеледи. Бул жерде устазым Дарийха Жайылғановадан скрипка әсбабын шертиўдиң әлўан түрли сырларын үйрендим. Музыка тараўын кеңнен үйрениў мақсетинде 2009-жылы Нөкиc мәденият ҳәм көркем өнер мектебине оқыўға түстим. Ол жерде устазларым Тамара Бердибекова ҳәм Алибек Кулчиевлерден сабақ алдым. Сөйтип ҳәр түрли таңлаўларға қатнасып, сыйлы орынларды ийеледим.

2013-жылы музыкалық билимимди тереңлестириў мақсетинде Өзбекистан Мәмлекетлик консерваториясына оқыўға түстим. Онда устазларым Дмитрий Петрович Овчинников ҳәм Елена Матвеевалардан скрипка әсбабының сырларын тереңнен үйрендим. Музыкалық билимимди еле де жетилистирип, жаңа намалар дөретиў мақсетинде консерваторияның магистратура бөлимине тапсырмақшыман. Келешекте мен Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан музыка мәдениятын раўажландырыўға, жаңадан өзгерислер киргизиўге, жаңа намалар дөретиўге өз үлесимди қосаман.

Меҳрибан ТУРFАНБАЕВА

Өзбекистан Мәмлекетлик консерваториясының тарлы әсбап бөлими питкериўшиси