СТУДЕНТ БОЛЫЎ БАХТЫНА ЕРИСТИ
Газетамыздың өткен санында жәрия еткенимиздей, районлық билимлендириў бөлимине қараслы 3-санлы балалар бақшасының тәрбияшысы Генжегүл Төремуратова Ташкент қаласында өткерилген «Жыл тәрбияшысы» көрик таңлаўының төртинши басқышында сыйлы екинши орынды алыўға миясар болды.
-Қалай болмасын екиншиликти алып қайтың, деп тилеклес болып едиңиз ғой, Гүлнара апа,-деди районлық билимлендириў бөлиминиң методисти Улзада Садықова қуўанышын жасыра алмай. Он төрт ўәлаяттан келген тәрбияшылардың он екисин артта қалдырдық. Бул әлбетте, үлкен жетискенлигимиз. Өз жәмәәти менен барлық бала бақшаларымыздың исенимин ақлап келген қызымыздан бәримизде миннетдармыз.
Көпшилик қатарында орта мектепти тамамлаған инталы қыз Генжегүл райондағы аўыл хожалығы кәсип-өнер колледжиниң мектепке шекемги тәрбия бөлиминде билим алады. Мийнет жолын 3-санлы балалар бақшасынан баслағалы бери де арадан жети жыл өтипти. Устазы ҳәм басшысы Мийўагүл Әбдиевадан тәжирийбе сырларын көп 6йренгенин мақтаныш етеди. Шаңарақ, қала берди еки перзенттиң тәрбиясы менен жоқары оқыўды оқыўдай әрманы пушқа айналып баратырған Генжегүлдиң билими, тәжирийбеси, тынбай излениўлери қол келип, таңлаў жеңимпазы сыпатында Низамий атындағы Ташкент мәмлекетлик университетиниң студенти болыўдай үлкен бахытқа жеткерди. Екинши дәрежели диплом менен сыйлықланды. Кир жуўыў машинасы тағы басқа да баҳалы сыйлықлар тапсырылды. Бул әлбетте мәмлекетимизде келешегимиз болған балалардың тәрбияшыларына деген үлкен итибар ҳәм ҳүрмет екенин айтып өткимиз келеди. Ҳәм бундай ҳүрметке бизиң аўылласымыздың ылайық деп табылыўы-биримизде мақтаныш сезимлерин пайда етеди.
Дәслепки үш басқышта таңлаў еки турдан ибарат болса, төртинши басқышта үш турда өткерилген. Алдын хабарлап өткенимиздей дәслеп онлайн арқалы тест сораўларына жуўап және жазба түрде бес саўалдың жуўапларын табыў тапсырылған болса, төртинши басқышта пайтахттағы балалар бақшаларының биринде сабақ өтиў усыллары сынақтан өтти.Таңлаў ҳаққында Генжегүл өз пикирлерин былайынша баян етти:
-Таңлаўдың шәртлери де, талаплары да маған жүдә унады. Әдил өткен бул таңлаў мениң өмиримдеги үлкен жетискенлик пенен қоса кәсибиме деген қызғыўшылығымды және де арттырды. Дәслепки биринши басқышта 50 сораўдан 40 жуўап дурыс болса екинши турға өткериледи. Екинши басқышта 5 сораўдан 25 балл топлаў керек. Үшинши басқышта 14 қатнасыўшыдан 7 тәрбияшы қалдық. Бириншиликти Наўайы ўәлаяты, екинши орынды мен ҳәм үшинши орынды Қашқадәрьядан келген тәрбияшы ийеледи.
Таңлаў себепши болып өз арзыў әрманларына ерискен кишкенелер тәрбияшысы Генжегүл Төремуратованың студентлик өмиринде де үлкен табыслар тилеймиз.
Гүлнара Бегдуллаева