Fan va ta'lim БИЙБИХАН ЛАУРЕАТ БОЛДЫ

БИЙБИХАН ЛАУРЕАТ БОЛДЫ

0
БИЙБИХАН ЛАУРЕАТ БОЛДЫ

Аўылласымыз Бийбихан Сейтназарованы Россияда ҳәр жылы өткерилетуғын халықаралық Пушкин атына шөлкем-лестирилетуғын конкурстың лауреаты болыпты, деген хош хабарды еситиўден устазды изледик. Лекин, республикалық муғаллимлердиң билимин жетилистириў институтында билимин жетилистирип атырған Бийбихан муғаллимди биз ушырата алмасақ та, бириншилерден болып жаңалыққа жаны қумар пайтахт журналистлери, яғный «Вести...»шылар таўып, сораўға тутыпты. Солай етип, өз жерлесимиздиң жаңалығын газета оқыўшыларына жеткериўде азырақ кешигип қалдық.

Халықаралық Пушкин конкурсы 2000-жыллары шөлкемлескен болып, дүньяның барлық еллеринен талабанлар қатнасып келеди. Конкурстың талабы рус тилиниң әҳмийети ҳаққында эссе жазыўдан ибарат. Февраль айынан эсселер интернет арқалы да, почта хызметлери арқалы да қабылланып баслайды. 6-июнь рус шайыры А.С.Пушкинниң туўылған күнинде жеңимпазлар анықланады. Бул жылы 48 мәмлекеттен 251 талабан қатнасып, соннан 50 адам жеңимпаз деп табылған. Өзбекистан Республикасынан төрт жеңимпаз анықланған болса, соның бири Тахтакөпирли  муғаллим, райондағы 1-санлы улыўма билим бериў мектебиниң рус тили пәни  оқытыўшысы Бийбихан Сейтназарова.

-Бизиң балалық жылларымызда рус тили ҳәм әдебияты сабағы ушын көп ўақыт ажыратылатуғын еди,-дейди Бийбихан. Әкемниң урыс ҳаққындағы еске түсириўлери менде рус халқына ҳәм рус тилине деген ҳүрметти күшейтти. Әкем Сейдамет Сейтназаров 1942-жылы Сталинград саўашында урыс майданында  аўыр жарақатланған. Ҳәлсиреп, көп қан жоғалтқан әкемниң артық орнынан қозғалыў мүмкиншилиги болмаған. Жаў күтип турмайды. Әкеме жан саўғалаў уўайым болып турған бир пайытта рус солдаты әкемди арқалап, жүдә алыста жайласқан госпитальға қара терге түсип жеткерип салады. Миннетдар болған әкем қуўанғанынан солдатқа рахметин айтқысы келеди. Әкем де Қараөзектен барған, сада аўыл баласы емеспе, сол бир аўыз рахмет деген сөздиң русша айтылыўында билмейди екен. «Әне сол рус жигити болмағанда мен бүгин тири жүрмес едим» деп еслейтуғын еди әкем. Сонда мен балалық кеўил менен, егер әкем тири болмағанда мағанда мына өмирге келиў жоқ еди. Демек мен әкеме үйрениў несип етпеген тилди билиўим керек, деген мақсет пенен рус тили ҳәм әдебияты пәнин қызығып оқыдым. Ҳәм бул тилди терең меңгериўим-мен ушын өмиримше азық болды деп айта аламан.

Хожели қаласындағы 56-санлы мектепти питкерип, жоқарғы оқыў орнына киргендеги қуўанышы өз алдына болса, әкесиниң әрманларын өзи иске асырған кәсибинен жетискен бүгинги табысының қуўанышы өз алдына болды.Төрт перзенттиң үшеўин жоқары мағлыўматлы етиўдиң өзи болмады. Муғаллимшилик кәсибине қоса базар күни саўда сатық пенен шуғылланыўына туўра келди. -Мен усы қосымша талабым ушында көпшилик таңлаўларға қатнасыўды өзиме еп көре бермеймен. Бирақ бул ретте өмирлик жолдасым Мажиттиң: «Бул сениң қолыңнан келеди, қәне өзиңди бир сынап көр» деген сөзи маған демеў болды. Тәўекелшилигим пәнт бермеди. Усы кәсибим арқалы рус класында оқымасада балаларымның рус тилин жақсы билиўи-жанындағы жолдасларында қызықтырады, олардың ҳәўесин келтиреди. Бунда әкеси екеўимиздиң теңдей үлесимиз бар деп ойлайман,-дейди және Бийбихан муғаллим.

«Уяда нени көрсе-ушқанда соны ислейди» Устазлар шаңарағынан тәрбия алған ул-қызлары да билимге қызығыўшаң болып өсти. Балалардың кемпир апасы Тазаг6л Сабурова тәжирийбели устаз ҳәм қолынан өнери тамған шебер тигинши еди. Енесинен ҳәр тәреплеме жақсы пазыйлетлерди өзлестирген Бийбиханның өзи де бүгинги күнде шийриннан-шекер ақлықлардың кемпир апасы. Өмирлик жолдасы Мажит Галиуллин 4-санлы улыўма билим бериў мектебиниң рус тили муғаллими. Қызларының екеўи Өзбекистан мәмлекетлик  Жәҳән тиллери университетин табыслы тамамласа, үшинши қызы Марзия усы университетте билим алып атыр. Келеси жылы питкереди. Быйыл кәсип-өнер колледжин питкерген улы Расул ғана кәсибин басқа тараўдан таңламақшы. Бүгинги күнде туңғышы Сиана Алматада, екинши қызы Гүлнур Дубайда өз шаңарақлары менен бахытлы жасап атыр.

Гүлнара ДӘЎЛЕТМУРАТОВА

СҮЎРЕТТЕ: Лауреат Б.Сейтназарова республикалық рус мәденият орайы директоры Г.Зоркина менен