МЕКТЕПЛЕРДЕ СОҢFЫ ҚОҢЫРАЎ ҚАFЫЛДЫ
25-май-соңғы қоңыраў қағылатуғын күн. Сонлықтанда бул сәне ҳәр бир инсанның өмиринде үлкен әҳмийетке ийе. Елимиздиң барлық улыўма орта билим бериў мектеплери сыяқлы райондағы халық билимлендириў мекемелери хызметин методикалық тәмийинлеў ҳәм шөлкемлестириў бөлимине қараслы 21 улыўма орта билим бериў мектеплеринде дәстүрге айналған соңғы қоңыраў кешеси өткерилди. Быйылғы жылы 470 жас питкериў алдында. Солардың бири болып усы бөлимге қараслы 3-санлы мәмлекетлик қәнигелестирилген улыўма орта билим бериў мектеби питкериўшилериниң де соңғы қоңыраўы қағылды.
Соңғы қоңыраў кешеси салтанатында шығып сөйлеген район ҳәкими Ж.Адилов, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигинен М. Даўыл-баев, районлық халық билимлендириў мекемелери хызметин методикалық тәмийинлеў ҳәм шөлкемлестириў бөлими баслығы Р.Утепбергенов, мектеп директоры Г.Сейтназарова, сондай-ақ, ата-аналар питкериўши жаслардың келешек жолына сәтли сапарлар тиледи. Өз гезегинде мектеп питкериўшилери де тыянақлы билим берген устазларына миннетдаршылық билдирип, алға қойған мақсетлерин айтып өтти. Быйылғы жылы өз қушағынан 45 қарлығашын ушырма етип шығарып салып атырған мектеп жәмәәтиниң өз шәкиртлеринен елимиздиң келешегин гүллентиўде үлкен үмитлер күтип отырғанын оқытыўшылардың толқынланыў менен айт-қан сөзлеринен байқаў мүмкин. Өзиниң көп жыллық тарийхы менен бирге республикамыздың гүллеп раўажланыўында бир неше мыңлаған билимли шәкиртлерди таярлаўдың дәслепки есиги саналған бул мектептиң бүгинги күнде ҳәр бир тараўда мақтаныш етсе арзыйтуғын питкериўшилери бар екенин де айтып өткимиз келеди.
Мәмлекетимиз тәрепинен бүгинги күнде тәлим системаларына үлкен дыққат-итибар қаратылмақта. Себеби, келешек-жаслардың қолында. Сонлықтан елимизде улыўма билим беретуғын мектеплердиң 9-класын тамамлаған жаслар үш жыллық орта арнаўлы кәсип-өнер колледжлери менен акаде-миялық лицейлерде билим алыўын даўам етеди. Быйыл мектеп питкериўши жас өспиримлерден 59 оқыўшы академиялық лицейлерге, 410 питкериўши кәсип-өнер колледжлеринде оқыўын даўам етеди.
Кеше даўамында питкериўши жаслар өз устазларына деген миннетдаршылық сезимлерин тақмақлар арқалы билдирип, йошлы қосық ҳәм аяқ-ойынларын усынды.
Билимниң негизги тырнағы ана мектептен басланады. Демек, соңғы қоңыраўдың сыңғырлаған соңғы сести ҳәр бир жастың қәлбинде мөрленип қала береди.
Гүлнара ДӘЎЛЕТИЯРОВА