Fan va ta'lim ЖАСЛАР ТӘРБИЯСЫНА АРНАЛДЫ

ЖАСЛАР ТӘРБИЯСЫНА АРНАЛДЫ

0
ЖАСЛАР ТӘРБИЯСЫНА АРНАЛДЫ

Жақында райондағы 3-санлы мәмлекетлик қәнигелестирилген  улыўма билим бериў мектебинде жаслар тәрбиясына арналып ушырасыў шөлкемлестирилди.

Ушырасыў кешеси басланбастан алдын мектеп оқыўшылары тәрепинен таярланған сахналық көринис қатнасыўшылардың дыққатына усынылды.

 Қазақстан Республикасына талап ислеў ушын кеткен ата-ананың үйиндеги қараўсыз қалған перзент теңлеслери менен қосылып қумар ойынының қызығына түседи. Нәтийжеде перзент анасының алып берген қымбат баҳалы телефонын да қумарға тигип уттырып қояды. Перзент түскинликке түсип жүрген күнлери анасы үйине келеди. Болған ўақыядан хабардар болған ана өзиниң қәтесин түсинип, баласын туўры жолға салмақшы болады...

Жас өспиримлер арасында ҳуқықбузарлық, жынаятшылықтың алдын алыў,  олардың ҳуқықый саўатлылығын асырыўды тек мектеп жәмәәтиниң ўазыйпасы деп қоймастан, бунда мәҳәллениң, ата-ананың  жуўапкершилигин асырыў бүгинги күнниң ең әҳмийетли ўазыйпасына айланып бармақта.

Мектепте өткерилген ушырасыўдың мақсети усылардан ибарат болып, онда сөзге шыққан район ҳәкиминиң орынбасары, районлық ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы А.Аллиярова, мектеп директоры Г.Сейтназарова ҳәм мектептиң математика пәни оқытыўшысы Т.Оңғарбаевлар оқыўшыларды терең билим ийелеўге, китап оқыўға, өз өмирлерин қәўипке қойыўшы ҳәр қандай жаўыз иллетлерден аўлақ болыўға шақырды.

Буннан соң оқыўшылар өзлериниң қызықтырған сораўларын берип, жуўаплар алды.

Ушырасыў соңында мектеп оқыўшылары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди.

Әлбетте, бундай ушырасыўлар барлық мектеп ҳәм колледжлерде тез-тез өткерилип барылса, биз жаслардың санасына тек ғана жақсылықты сиңдире аламыз.

 

Муҳаббат ИЗИМБЕТОВА