Fan va ta'lim ҚЫРЫҚ ӨНЕРЛИ БИЙБИГҮЛ МУҒАЛЛИМ

ҚЫРЫҚ ӨНЕРЛИ БИЙБИГҮЛ МУҒАЛЛИМ

10
ҚЫРЫҚ ӨНЕРЛИ БИЙБИГҮЛ МУҒАЛЛИМ

Адамзат санасы арқалы өмирдиң гөззаллығын уғыныў менен бирге оны еле де раўажландырыўға, өзинде бар қәбилети арқалы өзгерислер киргизиўге талпынып келеди. Дерлик ҳәммеде  қандайдур хобби, қызығыў болады, мәселен кимдур аўшылық, балықшылық, антиквар буйымлар жыйнаў, сүўретке түсириў яки сүўрет салыў тағы басқалар менен шуғылланыўы мүмкин. Қызығыўшылықты болса раўажландыратуғын бул мийнет. Мийнеткеш инсанлардың қолынан дөрелген ҳәр қандай көринислер басқаларда да ҳәўес оятып, екинши бир инсанның қызығыўшылығын арттырыўға себеп болады. Үй алдында исленген декоратив сулыўлық символлары, ҳәттеки егилген гүллер менен мийўе ағашларының, палыз егинлериниң ҳәр қыйлы рең бериўи де инсанның мийнети екенинен дерек береди.
Ҳәр қыйлы кәсип ийелери бар, бирақ кәсибине байланысы жоқ, қолында әжайып өнери бар инсанлар көп. Изертлеўлер арқалы мәлим болғанындай, өзиңизди қызықтырған монотон нәрсе менен шуғылланғаныңызда, мәселен, балық аўы, қус өсириў, яки басқа да ислериңизден дөретиўшилик илҳам алыўыңыз мүмкин. Соның менен бирге, өзиңиз билмеген дәрежеде әтирапқа да сүйиспеншилик таратып отырасыз.
Усындай инсанлардың бири Бийбигүл Турдымуратова районымыздағы «Қараой» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 10-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң баслаўыш класс оқытыўшысы. Бир қанша шәкиртлерге баслаўыш билим бериўи арқалы, олардың көпшилигин мектеп босағасынан ушырма етип турмыстың түрли тараўларына жетилистирип берген устаз. Шәкиртлериниң жетискенлигинен илҳамланып, ҳәр тәреплеме излениўден шаршамайтуғын, тынып-тыншымас устаз деп те атама бергимиз келеди. Себеби, Бийбигүл муғаллим сабағынан бос ўақытларын босқа өткермейди, өзиндеги хобби арқалы қосымша дәрамат дерегин де әлле қашан таўып үлгерген.


Кабинеттиң ишин алып турған жанға жағымлы хош        ийислер Бийбигүл муғаллимниң қолынан дөреген гүллерден тарап тур. Буның себебин сорағанымызда: «Баслаўыш класс оқытыўшысы болғаным ушын балалар психологиясынан билим алдым. Сонда устазымыз сабыннан гүл соғыў арқалы хожалыққа дәрамат табыў мүмкинлигин айтып қалды. Бул менде қызығыўшылық оятты ҳәм онлайн оқып алдым. Бул сабынларды килограммлап почта арқалы сатып аламан, ал, мына түнги жақтыртқышлардың материаллары болса Қытайдан келеди» -деп қосымша өнерлери менен жақыннан таныстырды. Әжайып хош ийисли рәң-бәрең гүллер, сулыў жақтыртқышлар, зейниңди ашып, кеўлиңди көтереди екен.
Бийбигүл Турдымуратова жоқары мағлыўматлы, жоқары категориялы оқытыўшы. Жәмийетлик жумысларда белсенди муғаллим. Шәкиртлериниң көпшилиги жоқары оқыў орынларында билим алып, турмыстың түрли тараўларында мийнет етип, устаздың бийбаҳа мийнетин жарыққа шығарып атыр. Быйылғы жылы болса 1-класс жеткиншеклери оқыў жылын тамамлаў алдында. Биз қызығыўшаң ҳәм талапшаң устаз Бийбигүл Турдымуратованың усы оқыўшыларының ғана табысын атап өтиўди мақул көрдик.
- Мениң ментал арифметикаға деген қызығыўшылығым 2020-жыллары оянды-, дейди Бийбигүл өзи ҳаққында сәўбетимизде. Оқыў ушын төлемин төлеп, енди Ташкентке кетемен деген пайытлары елде карантин илажлары басланып кетти. Кейин бизлерге онлайн оқыў мүмкиншилиги туўылды. Еки ай оқып, арнаўлы сертификатқа ийе болдым. Соннан бери мектептиң баслаўыш класс оқыўшыларына ментал арифметикадан тәлим берип атырман.


Сабыннан хош ийисли гүллер дөретиўдиң шебери, ментал арифметика бойынша кишкенелерге дөгерек жумысын алып барыў арқалы шәкиртлерин пән олимпиадасы жеңимпазлары етип жетилистирди. Жарыстың республикалық басқышынан жеңимпаз болған шәкиртлерин устаз биз бенен сәўбеттен соң  Хорезм ўәлаятында өткерилетуғын келеси басқыш, пән олимпиадасына алып барды. Биз исенгенимиздей, бул сынақта да талапшаң, излениўшең устаздың мийнетлери және жарыққа шықты, яғный өзи билим берип атырған 1-класс оқыўшыларынан Нурсултан Иниятдинов, Узақбай Жалғасбаев, Гүлсәнем Есбосынова,  Шаўкатбек Абсаметов ҳәм Гүлхан Парахатовалар сыйлы бириншиликти алыўға еристи. Устамы жақсы устаздан тәлим алған шәкиртлер ендиги сапары Дубай қаласында өз билимин сынап қайтыў бахытына ийе болды.
Жигитке қырық өнер де аз, дейди халқымыз. Қырық жаны бар ҳаялға ше? Қырық өнерге ийе Бийбигүлдей шаққан, излениўшең ҳаял-қызларымыз турмыста аз емес. Олар аўыллардың түпкир-түпкиринде мийнетлери арқалы шаңарағын гүллендирип атыр. Бирақ оларды излеп табыўда сиз оқырман да биз журналистлердиң жақын жәрдемшилеримиз болсаңыз екен. Оларды халыққа үлги етиўимиз, руўҳландырыўымыз арқалы басқаларға мотивация бергимиз келеди. Бийбигүл муғаллимниң болса жумысларында жайнаған табыслар, ертеңги сынағында және жүзи жарқын болып келиўине тилеклеслик билдиремиз.

 

Гүлнара Дәўлетмуратова