Fan va ta'lim Оқыўшылардың кәсипке болған қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде

Оқыўшылардың кәсипке болған қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде

18
Оқыўшылардың кәсипке болған қызығыўшылығын  арттырыў мақсетинде

Өзбекстан Республикасы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлигиниң 2023-жыл 14-декабрьдеги «Улыўма орта билим бериў мектеплери оқыўшыларын екинши шет тили ҳәм бир кәсип өнерге үйретиў әмелиятын жолға қойыўдың қосымша ис-илажлары ҳаққында»ғы 560-санлы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлигиниң 14-декабрь күнги 209-санлы буйрығы тийкарында 2024-жыл январь айынан баслап 6-санлы улыўма билим бериў мектебинде бағдарламашы ҳәм тигиўшилик кәсипке бағдарлаў бойынша класслар ашылды. Бул жерде оқыўшыларға кәсип сырлары үйретилмекте. 


Оқыўшылардың кәсипке деген қызығыўшылығын еле де арттырыў мақсетинде оларды өзлери қызыққан кәсиби бойынша 6-9-11-санлы мектеп әмелиятшы психологлары менен биргеликте дузды кайта ислеп шығарыў кәрханасы ҳәм «Shuxrat stile» мебель ислеп шығарыў кәрханаларында саяхатта болды.

Бул жерде оқыўшылар қызыққан кәсиби бойынша кәсип усталарынан өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды ҳәм олардың кәсипке деген қызығыўшылығы жүдә артты. 

Гүлчехра БЕКИМБЕТОВА
Эльмира КАМАЛОВА
6-санлы мектеп психологлары