Fan va ta'lim МЕКТЕП ПЕНЕН ХОШЛАСТЫРҒАН ҚОҢЫРАЎ

МЕКТЕП ПЕНЕН ХОШЛАСТЫРҒАН ҚОҢЫРАЎ

12
МЕКТЕП ПЕНЕН ХОШЛАСТЫРҒАН ҚОҢЫРАЎ

Кеше ғана жас жеткиншеклерди мектеп босағасына қарай шарлаған жағымлы гүмис қоңыраў сести бүгин  муңлы, бирақ олардың ҳәр бириниң жүрегине мақтаныш, келешекке исеним сыяқлы ең жақсы туйғыларды бағышлап, он бир жыл бойы билим алған ана мектеби менен хошластырмақта.
Келешек жаслары булар-«Жаңа Өзбекстанның үмити ҳәм сүйениши, мәмлекетимиздиң ертеңги тәғдири, оның раўажланыўы сиз жаслардың қолында» екенин мәмлекетимиз басшысы мектеп питкериўшилерине жоллаған байрам қутлықлаўында айрықша атап өтип, жасларымызға үлкен исеним билдирди.
25-май күни мәмлекетимиздиң барлық улыўма орта билим бериў мектеплеринде соңғы қоңыраў сеслери жаңлады. Бул күн билимге қуштар, арзыўлар қанатындағы жасларымыз, меҳрибан устазларымыз ҳәм перзентлериниң кәмилликке жетип, үлкен өмирге қәдем қойғанын көрип қуўанып атырған ата-аналар ушын үлкен байрам болды. 
«Илим-бахыт гилти» сүрени менен болып өткен ҳәр бир байрам илажы Президентимиз тәрепинен жолланған байрам қутлықлаўын питкериўши жасларға жеткериў менен басланды. 
Байрам қутлықлаўында келтирилген ең жақсы тилеклер, исеним, үмит, аталарша ғамхорлық, бәрше-бәршеси жасларға қаратылып атырған айрықша итибардың және бир көриниси болды ҳәм оны питкериўши ҳәр бир ул-қыз шын жүректен қабыллады.
Быйылғы оқыў жылында райондағы улыўма орта билим бериў мектеплериниң 11-класын жәми 321 оқыўшы питкерип атырған болса, солардан 17 оқыўшы àлтын  медаль алыў алдында тур.


Райондағы қәнигелестирилген мектебиниң биринши питкериў-шилериниң «Соңғы қоңыраў»ға бағышланған салтанатлы илажы болып өтти. Оған район ҳәкими Жамбул Адилов қатнасып, Президентимиздиң питкериўшилерге жоллаған байрам қутлықлаўын оқып еситтирди. Быйылғы жылы районда билимлендириў тараўында әмелге асырылған жумысларға тоқтап, үлкен өмирге қәдем атып атырған мектептиң туңғыш қарлығышларына ҳақ жол тиледи. 
Сондай-ақ, илажда оқыў жылы даўамында айрықша баҳаларға оқып, ең жоқары көрсеткишлерге ерискен питкериўшилер хошаметленди. 
Быйылғы оқыў жылында қәнигелестирилген мектепти 13 оқыўшы табыслы тамамлап атыр.
Он бир жыл мектепте билим алып, ата-анасы менен устазларына қуўаныш инам етип атырған мектеп питкериўшилери бүгин  пүткил жәмийетимиздиң де мақтанышы болып отыр. Себеби, елимиз олардың келешегинен үлкен үмитлер күтеди. Олар сапалы билим, туўры тәрбия берген устазларының мийнетлерин ақлап, жаңа өмир гүзарына жол алмақта.

«Соңғы қоңыраў»ға арналған байрам илажы райондағы 1-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде де көтериңки руўхта өтти. Онда сөзге шыққанлар питкериўши жасларды байрам менен қутлықлап, олардың келешектеги арзыў-нийетлериниң иске асыўына тилеклеслигин билдирди. Оқыўда ҳәм таңлаўларда жоқары көрсеткишке ерискен оқыўшылар ҳәм олардың устазлары хошаметленип, ата-аналарына «Миннетдаршылық» хатлары тапсырылды. Быйылғы оқыў жылында мектепте 9 питкериўши болып, солардың үшеўи àлтын медаль менен питкериў алдында тур.


«Соңғы қоңыраў» кешеси  райондағы барлық мектеплерде шөлкемлескенлик жағдайында өтти.
Питкериўши ул-қызларымызға келешегиңиз жарқын, алдыңызға қойған  ҳәр қандай мақсетиңизге сүрникпей ерисип, устазларыңыздың, ата-анаңыздың мақтанышы болыў несип етсин, дегимиз келеди.

 

Муҳаббат ИЗИМБЕТОВА