Iqtisodiyot Киши бизнес тараўының экономикамызға үлеси

Киши бизнес тараўының экономикамызға үлеси

8
Киши бизнес тараўының экономикамызға үлеси

Мəмлекетимизде экономикамыздың негизги көрсеткишлеринен болған киши бизнес ҳəм жеке исбилерменликти раўажландырыў, пуқараларды исбилерменликке кеңнен тартыў,   олар ушын шараятлар жаратыў,  микрофирма ҳəм киши кәрханаларда бəнтлиги тəмийинленбеген жасларды жумыс пенен тәмийинлеў бойынша районымызда кең көлемли жумыслар алып барылмақта.
Район бойынша өткен 2022-жылы аймақта 923 хожалық жүргизиўши субъектлер мəмлекетлик дизимге алынған болып, соннан киши бизнес субъектлери саны 412 ни қурайды. Дизимге алынған хожалық жүргизиўши субъектлерден ҳəрекет етип турғаны 785 субъект болса, соннан 385 си киши бизнес субъектлери болып есапланады. 
Жыл басынан жаңадан 122 киши бизнес субъектлери ашылып, бүгинги күнде жумысларын жолға қойып, өз хызметлерин халқымызға усынбақта. 2022-жылы район аймағында ҳәрекет етип турған 99 санаат кәрханалары тәрепинен 313,8 млрд. сум санаат өнимлерин ислеп шығарған болып өсим 114,5 пайызды қурады. Район бойынша аўыл, тоғай ҳәм балық хожалықлары саны 107 болып, олардың көрсеткиши 507,9 млрд. сум болып 109,2 пайызға, қурылыс ислери 112,2 млрд. сум болып, 102,8 пайызға, хызмет көрсетиў бойынша 151,7 млрд. сум болып, 111,7 пайызға, жолаўшы тасыў 68,7 млрд. сумды қурап, 103,1 пайызға орынланды. Сондай-ақ, сыртқы саўда айланбасы 2022-жыл жуўмағы менен 1,8 млн. АҚШ долларын қураған. Усақлап сатыў товар айланысы 218 млрд. сум болып, 114,8 пайызға  ҳәм ислеп шығарылған өнимлерди экспортқа шығарыў 1,7 млрд. сум болып,  122,5 пайызды қурап, өткен жылға салыстырғанда ɵсим пәти тәмийинленди. 
Усындай жетискенликлерге ерисип атырған киши исбилерменлик кәрханалары, дийхан ҳәм фермер хожалықларымыздың саны күннен-күнге көбейип барса, районымыздың социал-экономикалық көрсеткишлериниң буннан да жоқарылаўына өз үлеслерин қосып барады.

Қурбанбай ЕМБЕРГЕНОВ
Районлық статистика бөлиминиң баслығы