Fan va ta'lim Мектеп имаратының ашылыў салтанаты

Мектеп имаратының ашылыў салтанаты

10
Мектеп  имаратының  ашылыў  салтанаты

Қай жерде илим-билимлендириў, мәденият күшли болса сол жерде раўажланыў болады. Бүгинги күни мәмлекетимиздиң келешектеги раўажланыўын белгилеп бериўши ең тийкарғы тараўлардың бири болған мектеп билимлендириўин раўажландырыў, системадағы кемшиликлерди сапластырыў, сапасын пүткиллей жаңа басқышқа алып шығыў бойын-ша үлкен реформалар әмелге асырылмақта. Бул жумыслардың орынланыўы быйылғы «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы»нда да даўам етпекте. 
Усындай ийгиликли мақсет жолында басланған қәдемлердиң бири сыпатында аймақларда өз жумысын баслаған қәнигелестирилген мектеплерде бүгинги күндеги жаратылған шәраятлар, оқыўшылардың сапалы билим алыў дәрежеси көзди қуўандырады. 
2022-2023-оқыў жылында бизиң районымыздан қәнигелестирилген мектеп ашылып, өз жумысын баслаған еди. 
Ҳәзирги ўақытта мектепте анық пәнлер жөнелиси бойынша 10 класс ашылған болып, онда билим алып атырған 210 оқыўшыға 27 муғаллим тәлим-тәрбия берип келмекте.
Усы жылы 3-май күни кең жәмийетшиликтиң қатнасыўында мектеп имаратының ашылыўы салтанатлы жағдайда өтти.
Мектептиң қурылыс-оңлаў жумысларына 1,5 миллиард сум қаржы ажыратылған болып, бул жумысларды буйыртпашы Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы «Бирден-бир буйыртпашы хызмети» Инжиниринг компаниясы, жойбар-смета ҳүжжетлерин ислеўши «Адилбек-Нукус» ҳәм кесип алып ислеўши «NUR-JAŃA-QURÍLÍS» жуўапкершилиги шек-ленген жәмийетлери тәрепинен орынланды.
Салтанатлы илажды район ҳәкиминиң биринши орынбасары Тилеўберген Тохымбетов кирис сөзи менен ашты ҳәм бәршени мектеп имаратының ашылыўы менен қызғын қутлықлады. 


Сондай-ақ, Нөкис қаласындағы Президент мектебиниң директоры Махмуд Насыров шығып сөйлеп, мектеп оқыўшыларының алдағы оқыўларына үлкен табыслар тиледи.
Буннан соң мийманлар оқыўшылардың билим алыўы ушын жаратылған шәраятлар менен жақыннан танысты. Ҳақыйқатында да биз мектепте оқыўшылардың сапалы билим алыўы, кәсипке бағдарлаў, балалардың индивидуал қәбилетлерин раўажландырыў бойынша шәраятлар жаратылғанының гүўасы болдық.


Салтанатлы илаж талантлылардың атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен қызғын даўам етти.

Муҳаббат ИЗИМБЕТОВА