Iqtisodiyot 38 ден артық исбилерменлик субъекти онлайн қадағалаў-касса машинасынан пайдаланбақта

38 ден артық исбилерменлик субъекти онлайн қадағалаў-касса машинасынан пайдаланбақта

0
38 ден артық  исбилерменлик субъекти онлайн қадағалаў-касса машинасынан пайдаланбақта

2020-жыл 1-январьдан баслап алкоголь ҳәм темеки өнимлери, дәри-дәрмақ, бензин, дизель ҳәм газ жанылғысы саўдасы менен шуғылланыўшы исбилерменлик субъектлери жаңа түрдеги онлайн касса аппаратларынан ямаса виртуал касса машиналарынан пайдаланыўға өтиўи белгиленген.

Өткен жыл жуўмағы бойынша жыллық түсими 5 миллиард сумнан асқан исбилерменлик субъектлери 2020-жылдың 1-августынан баслап онлайн қадағалаў-касса машиналарына өтиўи шәрт.

2021-жылдың 1-январынан баслап болса өткен жыл жуўмақлары бойынша жыллық айланысы 100 млн. сумнан асқан ямаса жыл даўамында усы шегаралық муғдарға жеткен исбилерменлик субъектлери, ал қалған бәрше исбилерменлик субъектлери 2022-жылдың 1-январынан баслап онлайн қадағалаў-касса машинасынан пайдаланыўға өтеди.

Умытпаң, халқымыз бенен пуллы есап-китапларды әмелге асырыўда онлайн қадағалаў-касса машиналары ҳәм виртуал касса дәстүрлерин қолланыў сизиң жумысыңызды анағурлым жеңиллетеди.

Еслетип өтемиз, 2021-жыл 1-январьға шекем исбилерменлик субъектлери ҳәр бир онлайн қадағалаў-касса машиналарын сатып алыў, орнатыў менен байланыслы қәрежетлер суммаларын кейинги салық төлеми есабынан кемейттириў ҳуқықы бериледи.

Итибарлысы, онлайн ҚКМ ямаса виртуал касса машиналарынан пайдаланғанда қадағалаў касса дәптерин жүргизиў бийкар етиледи.

Реализацияланған товарлар, хызметлер, есап-китаплар ҳаққындағы мағлыўматларды электрон тәризде көриў имканияты жаратылады.

Жумыс күни ақырында қадағалаў касса машинасы бойынша күнлик есабатты шығарып алыў мәжбүрияты бийкар етиледи.

Онлайн қадағалаў-касса машинасын қолланыў исбилерменге де, қарыйдарға да бирдей қолайлы болып табылады.

 Тахтакөпир районы мәмлекетлик салық инспекциясы