Iqtisodiyot Биринши шеректиң жуўмағы

Биринши шеректиң жуўмағы

0
Биринши шеректиң жуўмағы

Тахтакөпир районы жергиликли бюджетиниң 2020-жыл 3 айы даўамында дәраматлар бөлеги режеси 3735.4 миллион сум болып, ҳақыйқатта түскен түсим 4031.9 миллион сумды қурайды ҳәм реже 108 пайызға орынланып, бюджетке 296,5 миллион сум артық қаржы түсип район бойынша дәраматлар режеси орынланды, алкоголь өнимлери ҳәм хызметлеринен 544.1 миллион сум қосымша дәрамат түсирилди.

Тахтакөпир районы жергиликли бюджетине Қарақалпақстан  Республикасы бюджетинен 2020-жылдың 3 айы даўамында 8,3 миллион сум трансфертлер алынды. Бул алынған трансфертлер биринши нәўбетте төленилиўи тийис болған төлемлер, яғный халқымызды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў ҳәм халық билимлендириў мәкемелери хызметкерлериниң ис ҳақы ҳәм бирден-бир социаллық төлемлерин қаржыландырыўға жумсалды.

Районымыз бюджетиниң қәрежетлер бөлеги режедеги 14533783,0 мың сум орнына 13485072,8 сум сарыпланып, реже 92.7 пайызға орынланды соннан:

- халық билимлендириў тараўына режедеги 2460338,0 мың сум орнына ҳақыйқатта 2401487,4 мың сум сарыпланып, реже 97,6 пайызға орынланды;

- ден-саўлықты сақлаў тараўына режедеги 5338627,8 мың сум орнына ҳақыйқатта 4961368,3 мың сум сарыпланып, реже  92,9 пайызға орынланды;

- мәдений ағартыў тараўына режедеги 567693 мың сум орнына ҳақыйқатта 556186.5 мың сум сарыпланып, реже 97.7 пайызға орынланды;

Халық хожалығын қаржы менен тәмийинлеў бойынша реже 78,9 пайызға, яғный режедеги 1435702  мың сум орнына 1133165.9 мың сум бюджет қаржысы жумсалды.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2013-жыл 15-февральдағы 44-санлы «Кем тәмийинленген шаңарақларға социаллық напақалар ҳәм материлллық жәрдем тайынлаў ҳәм төлеў тәртиби ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде 2020-жылдың 3 айы даўамында 14 жасқа шекемги балалары бар шаңарақларға 691269.0 мың сум,   2 жасқа шекемги балалары бар аналарға 921368.0 мың сум напақа пуллары, сондай-ақ кем тәмийинленген шаңарақларға 659143.0 мың сум жәрдем пуллары қаржыландырылды. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 30-марттағы 165-санлы карары бир мәртелик берилетуғын материаллық жәрдем 52128.0 мың сумды қурады.

  З.ТӘЖИМУРАТОВ

Тахтакөпир районлық финанс бөлими баслығы